Өзбекстан ҳәм Полша арасында парламентлераралық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды

    Усы жылдың 6-май күни Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Полша Республикасы парламенти Сенаты Баслығының орынбасары Михал Каминский менен ушырасты.

    Сөйлесиў барысында Өзбекстан-Польша қатнасықларының жағдайы ҳәм оларды раўажландырыў перспективалары, соның ишинде, парламентлераралық бирге ислесиўди кеңейтиў, жаңа мазмун менен байытыў, нызам дөретиўшилиги ҳәм парламентлик қадағалаў тараўында өз-ара тәжирийбе алмасыўды жеделлестириў мәселелери додаланды.

    Сөйлесиў даўамында Өзбекстан ҳәм Польша арасындағы парламентлераралық сөйлесиў басқышпа-басқыш раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Еки мәмлекет нызам шығарыўшы уйымлары арасында тийкарғы бағдарларда бирге ислесиўди буннан былай да тереңлестириўден мәпдар екени атап өтилди. Парламентлердеги дослық топарларының жумысына, сондай-ақ, еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеўдиң әҳмийетли қуралы сыпатында парламент делегацияларының турақлы сапар етиўлери алмасыўларына айрықша итибар қаратылды.

    Сондай-ақ, жоқары билимлендириў, мәденият, туризм, денсаўлықты сақлаў ҳәм аўыл хожалығы сыяқлы тараўлардағы бирге ислесиўдиң еки тәреплеме беккем тийкарларын қәлиплестириў мәселелери бойынша пикир алысылды. Тәреплер студентлер арасында тәжирийбе алмасыў, қәнигелердиң маманлығын арттырыў мәселелери, сондай-ақ, еки мәмлекет арасында гуманитарлық байланысларды беккемлеўге қаратылған биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары ҳәм жойбарларын әмелге асырыў имканиятлари додаланды.

    Ушырасыў жуўмақлары бойынша парламентлераралық байланысларды турақлы түрде даўам еттириўге келисип алынды, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates