Өзбекстан - Қатар стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў ҳәм көп қырлы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Қатар Әминин Социаллық раўажланыў бойынша екинши Жәҳән саммити илажларының табыслы өткерилгени менен қызғын қутлықлады.
Ҳәр қыйлы дәрежелерде нәтийжели сөйлесиў ҳәм алмасыўлар алып барылып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми жыл басынан берли 45 процентке артты. Қатардың жетекши компанияларының қатнасыўында ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Парламентлераралық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланыслар раўажланбақта.
"Жасыл" энергетика, транспорт, геология, тоқымашылық, туризм, инфраструктураны раўажландырыў ҳәм басқа да бағдарларда кооперация жойбарларын алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.
Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды.