Өзбекстан менен Қырғызстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Өз-ара саўда жедел пәт пенен өсип атырғаны, санаат, аўыл ҳәм суў хожалығы, басқа да тийкарғы тармақларда кооперация жойбарлары әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Мәдений-гуманитарлық алмасыўлар кеңеймекте.
Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў, соның ишинде, энергетика ҳәм транспорт жағынан өз-ара байланыслылық тараўларында ири регионаллық жойбарларды, соның ишинде, "Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан" темир жолын қурыўды жеделлестириў илажлары додаланды.
Жетекшилер регионаллық күн тәртибиниң әҳмийетли тәреплери бойынша да пикир алысты ҳәм болажақ жоқары дәрежедеги илажлар режесин көрип шықты.