Өзбекстан ҳәм Россия әскерлери қатнасыўында "Бирге ислесиў-2025" халықаралық оқыў шынығыўы басланды

    15 шілде 2025 6715

    Қубла-батыс әскерий округине қараслы "Термиз" улыўма әскерий полигонында Өзбекстан ҳәм Россия әскерий хызметкерлериниң қатнасыўында "Бирге ислесиў-2025" оқыў шынығыўы басланды.

    Атап өтилиўинше, "Нызамсыз қураллы структураларды жоқ етиў бойынша әскерлердиң арнаўлы ҳәрекети" темасында өткерилип атырған биргеликтеги халықаралық оқыў кешеси, 14-июль күни салтанатлы түрде ашылды.

    Бул оқыў шынығыўларына 400 ге шамалас әскерий хызметкерлерден ибарат арнаўлы бөлимлер тартылған болып, Россия тәрепи өзлериниң әскерий техникалары менен қатнаспақта. Еки мәмлекет әскерий хызметкерлери жаўынгерлик жағдайда бөлимлерди биргеликте басқарыў, мәмлекет шегарасының қол қатылмаслығын тәмийинлеў ҳәм шәртли душпанды жоқ етиў сыяқлы түрли арнаўлы тапсырмаларды алып барады.

    Оқыў шеңберинде жаўынгерлик таярлық бойынша түрли шынығыўлар, мәдений-дем алыў илажлары ҳәм спорт жарыслары өткерилиўи режелестирилген.

    Еслетип өтемиз, 10 күн даўам ететуғын оқыў шынығыўлары еки мәмлекет арасында қол қойылған әскерий бирге ислесиў режесине муўапық әмелге асырылмақта.