Қарарға бола, Өзбекстан ҳәм Россия Федерациясы Ҳүкиметлери арасында Өзбекстанға метрология тараўында техникалық жәрдем көрсетиў ҳаққындағы келисим тастыйықланды.

Келисимге 2024-жыл 27-май күни Ташкент қаласында қол қойылған.

Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги усы халықаралық шәртнаманы әмелге асырыў ушын жуўапкер болған ўәкилликли уйым етип белгиленди.

Министрлер Кабинети ҳәм тийисли министрликлер менен ведомстволардың басшылары усы халықаралық шәртнама күшке киргеннен кейин белгиленген тәртипте оның қағыйдаларының әмелге асырылыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлейди.