Бул ҳаққында Тәжикстан Президентиниң баспасөз хызмети хабар бермекте.

Ушырасыўда тәреплер стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары принциплерине тийкарланған Тәжикстан - Өзбекстан қатнасықларының бүгинги жағдайы ҳәм раўажланыў перспективаларын додалады. Оларды буннан былай да раўажландырыў ҳәм кеңейтиў жоллары көрип шығылды, делинеди хабарда.

Тәреплер өз-ара саўда ҳәм инвестициялық бирге ислесиў көрсеткишлериниң өсиўинде унамлы тенденция бақланып атырғанын атап өтти.

Усы мәниде, Эмомали Раҳмон бул процессти санаат, энергетика, транспорт, аўыл хожалығы ҳәм тәреплерди қызықтырған басқа да тармақларда буннан былай да раўажландырыў ушын үлкен имканиятлар бар екенлигин атап өтти. Тәреплер мәдений-гуманитарлық алмасыўды буннан былай да кеңейтиўден мәпдар екенин билдирди.

Тәжикстан Президенти бүгин Душанбе қаласында гезектеги мәжилиси болып өткен Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның нәтийжели жумыс алып барып атырғанын атап өтти.

Тәреплер еки тәреплеме күн тәртибиниң барлық бағдарлары бойынша конструктивлик ҳәм исенимге тийкарланған мәмлекетлераралық сөйлесиўди буннан былай да қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенин атап өтти. Усы мәниде болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыў ҳәм сөйлесиўлерге сапалы таярлық көриў мәселелери дыққат орайында болды. Усы жылы усындай мәмлекетлераралық илажларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў кестеси бойынша пикир алысылды.