Сөйлесиў алдында мәмлекет басшылары кирип киятырған пүткил мусылман үммети ушын муқаддес Рамазан айы менен бир-бирин қызғын қутлықлады.
Өзбекстан менен Түркия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын, бәринен бурын, сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда және де кеңейтиў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.
Барлық дәрежелердеги жедел сөйлесиў ҳәм жоқары пәт қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Тәреплер жақында болып өткен "4+4" форматындағы Стратегиялық режелестириў топары мәжилисиниң нәтийжели жуўмақларын қоллап-қуўатлады.
Өз-ара товар алмасыў көлеми, қоспа кәрханалардың саны, мәмлекетлеримиз арасындағы авиақатнаўлардың саны избе-из артып бармақта. Биргеликтеги мәдений илажлар турақлы өткерип келинбекте.
Санаат, аўыл хожалығы, социаллық қорғаў ҳәм басқа да тийкарғы бағдарлардағы жойбарлар менен бағдарламаларды алға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик, кибержынаятларға қарсы гүресиў тараўларында бирге ислесиў ҳәм муўапықласыўды беккемлеўге айрықша итибар қаратылды.
Жетекшилер халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты.