Мәмлекетимиз басшысы илажда шығып сөйлеп, буннан 3 жыл алдын жүз берген ўайран етиўши жер силкиниўи туўысқан түрк халқы ушын оғада аўыр сынақ болғанын атап өтти. Өзбекстан Түркияны ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўды сол қайғылы дәўирдиң дәслепки күнлеринен баслады.

Қысқа ўақыт ишинде апатшылық жүз берген аймаққа 100 қутқарыўшы ҳәм 70 медицина хызметкери жиберилди. Өткерилген излеў жумыслары нәтийжесинде 18 адам қутқарылды, 200 ге шамалас жәбирленгенлер үйме-үйме жерлер астынан алып шығылды. Дала госпиталында 4 мың наўқасқа медициналық жәрдем көрсетилди.

Президент Режеп Тайип Эрдоғанның басламасы менен жер силкиниў ақыбетлерин сапластырыў бойынша кең көлемли бағдарламалар әмелге асырылғаны айрықша атап өтилди. Бүгинги күнге шекем мәмлекетте 455 мыңнан аслам турақ жай қурылған.

Өз гезегинде, Өзбекстан қысқа мүддетте Хатай ўәлаятының Арсуз районында заманагөй инфраструктураға ийе, толық абаданластырылған 300 ден аслам квартираларды өз ишине алған 24 көп қабатлы турақ жай комплексин қурды.

Түркия Президенти бул комплекс тек ғана жәбирленген шаңарақлар ушын жаңа үй емес, ал өзбек ҳәм түрк халықларының мәңги дослығының айқын көриниси екенин атап өтти.

Жетекшилер жойбарды әмелге асырыўда қатнасқан қурылысшылар, инженерлер, жумысшылар ҳәм барлық шериклерге шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Мәмлекет басшылары жаңа квартиралардың гилтлерин олардың ийелерине салтанатлы түрде тапсырды.

Президентлер, сондай-ақ, Стамбул қаласының Бекиркей районында Өзбекстанның сырт елдеги биринши билимлендириў мәкемеси болған өзбек мектебиниң қурылысына старт берди.

Жаңа билимлендириў мәкемеси Түркияда жасап атырған өзбек шаңарақларының перзентлерине ана тилинде билим алыў, миллий қәдириятлар, мәденият ҳәм дәстүрлерди сақлаў имканиятын береди.

Тәреплер бул мектеп туўысқан халықларымызды және де жақынластырыўға хызмет ететуғынына, жас әўладтың ағартыўшылығы ҳәм тәрбиясы ушын әҳмийетли орайға айланатуғынына исеним билдирди.