Мәмлекетимиз басшысы Түркменстан Президентин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық ҳәм бахыт-ығбал, туўысқан түркмен халқына тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Жедел сиясий сөйлесиў ҳәм нәтийжели уйымлараралық байланыслар жолға қойылғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Товар алмасыўды көбейтиў, санаат ҳәм энергетикада кооперация жойбарларын алға қойыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. "Шават-Ташаўыз" саўда зонасының қурылысы жуўмақланбақта. Өзбекстанда Аймақлар форумы, көргизбе, Түркменстан мәденияты ҳәм киносы күнлерин өткериў режелестирилген.
Регионаллық күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелери ҳәм болажақ жоқары дәрежедеги илажлар режеси де көрип шығылды.
Сөйлесиў соңында мәмлекетимиз басшысы Түркменстан Президенти ҳәм халқын жақынласып киятырған Ғәрезсизлик күни менен қызғын қутлықлады.








