Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, пүткил халқымызды мүбәрек Рамазан ҳайыты менен шын кеўлимнен қутлықлайман.
Мине усындай қуўанышлы демлерде елимизде тынышлық ҳәм татыўлық сақланып атырғаны ушын Алла таалаға шүкиршилик етемиз.
Кейинги жылларда қәлиплескен дәстүрге бола, быйыл да Рамазан айын мүнәсип өткериў ушын сизлер менен, пүткил халқымыз бенен бирге көплеген саўаплы ислерди әмелге асырдық.
Халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў бойынша арнаўлы қарарға муўапық, кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, наўқасларға медициналық жәрдем көрсетиў ушын 35 жылда биринши мәрте бундай үлкен муғдарда 1 триллион сум қаржы ажыратылғанын атап өтиў керек. Атап айтқанда, 600 мыңнан аслам жәрдемге мүтәж шаңараққа 450 миллиард сум қаржы қаратылды. Сондай-ақ, социаллық реестрдеги 6 мың наўқасқа медициналық жәрдем көрсетилип, қурамалы хирургиялық операциялар әмелге асырылмақта.
Рамазан айы даўамында халыққа 100 мың саўға тапсырылды. "Рамазан саўғасы" жойбары шеңберинде мүтәж шаңарақлар, "Мүриўбет" ҳәм "Сақаўат" үйлеринде жасап атырған шахслар ҳәм сырт елдеги ўатанласларымыз ушын 30 мыңнан аслам ифтарлық илажлары өткерилди.
Бул ийгиликли жумыс муқаддес динимиздиң адамгершилик мазмун-мәнисине толық жуўап береди. Бул инсан қәдирин улығлаў, оның мәплерин тәмийинлеўге қаратылған реформаларымыздың әмелий нәтийжеси екени бәршемизди қуўандырады.
Әзиз дослар!
Бүгин Жаңа Өзбекстан өз раўажланыўының және де әҳмийетли басқышына қәдем қоймақта. Кең көлемли жаңаланыў процесслери себепли барлық тараў ҳәм тармақларда өсиў ҳәм раўажланыў пәтлери артпақта. Руўхый-ағартыўшылық тараўды раўажландырыў, ислам цивилизациясының бай мийрасын терең үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша да үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, өткен жылы Бухара қаласында Баҳаўаддин Нақшбанд атындағы илимий-изертлеў орайы ашылды.
Усы қутлы күнлерде пайтахтымызда Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Самарқанд ўәлаятында Имам Бухарий естелик комплексиниң ашылғаны халқымыз ушын үлкен саўға болды.
Әне усындай ийгиликли жумыслардың даўамы сыпатында Самарқандта уллы ойшыл Имам Мотуридий комплексинде кең көлемли реконструкция жумыслары әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, жақын күнлерде Ташкентте Кеңпейиллик ҳәм конфессиялараралық сөйлесиў халықаралық орайы өз жумысын баслайды. Бул Өзбекстанның миллетлераралық ҳәм динлераралық бирге ислесиў, тынышлық ҳәм дослық мәмлекети сыпатындағы абырайының және де артыўына хызмет ететуғынына исенемен.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Ҳәзирги оғада қурамалы халықаралық жағдайда шаңарақ ҳәм мәҳәллелерде, пүткил елимизде тынышлық-татыўлықты сақлаў, жасларды жат, бузғыншы идеялардан қорғаў оғада әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта.
Бунда биз үлкен турмыслық тәжирийбеге ийе ҳүрметли нураныйларымызға, зыялылар ҳәм уламаларымызға, мәҳәлле белсендилери ҳәм интакер жасларымызға сүйенемиз.
Уллы әййям күнлеринде биз бәринен бурын, дүньяның ҳәр қыйлы регионларында барлық урыс ҳәм келиспеўшиликлердиң тезирек тоқтаўын, барлық халықларға тыныш ҳәм татыў турмыс тилеймиз.
Пурсаттан пайдаланып, узақ ҳәм жақын сырт еллердеги пүткил мусылман үмметин қутлықлап, шын жүректен қутлықлаймыз.
Сырт елде оқып ямаса жумыс ислеп атырған ўатанласларымызды шын жүректен қутлықлап, оларға жаңа табыслар тилеймиз.
Әзиз дослар!
Усы қутлы күнлерде сиз, әзизлерди Рамазан ҳайыты менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге саў-саламатлық, бахыт-ығбал, шаңарақларыңызға тынышлық-парахатшылық, қут-берекет тилеймен.
Жаратқанның өзи елимизди, халқымызды ҳәмийше аман сақласын!
Рамазан ҳайыты мүбәрек болсын, әзизлерим!
Шавкат Мирзиёев
Өзбекстан Республикасы Президенти