Бул қутлы әййямда мине усындай нурлы айды ел-халқымыз бенен бирге тыныш ҳәм татыў орталықта күтип алып атырғанымыз ушын Алла таалаға есапсыз шүкирлер айтамыз.
Ҳәзирги ўақытта барлық тараў ҳәм тармақлардағы реформаларымыз муқаддес ислам дининиң адамгершилик мәнисине үнлес болған "Инсан қәдири ушын, инсан бахыты ушын" деген ийгиликли идея тийкарында әмелге асырылып атырғанын көплеген мысалларда көриў мүмкин.
Соның ишинде, социаллық қорғаў системасының нәтийжесин арттырыў, наўқаслар, майыплығы болған, кекселер ҳәм жәрдемге мүтәж инсанларды, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды, сырт еллердеги пуқараларымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, перзентлеримиздиң тәлим-тәрбиясына итибарды күшейтиў, муқаддес зыярат орынларын абат етиўге қаратылған ҳәрекетлер барған сайын кеңейип атырғанын атап өтиў зәрүр.
Бул бағдарда баслаған жумысларымызды избе-из даўам еттириў, елимиздеги тыныш ҳәм абадан турмысты, миллетлер ҳәм динлераралық татыўлық орталығын көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў буннан былай да бәрқулла итибарымыз орайында болады.
Пәк нийетлер орынланатуғын бул қутлы айда дүньяның түрли регионларындағы урыс-қағыслар, келиспеўшиликлер ҳәм өшпенлиликлер сапластырылып, пүткил дүньяда тынышлық, өз-ара ҳүрмет, кеңпейиллик ҳәм бирге ислесиў турақлы болыўын шын жүректен тилеп, пәтия етемиз.
Жер жүзиндеги барлық мөмин-мусылман досларымызды, дос ҳәм бирге ислесиўшилеримизди Рамазан айының басланыўы менен қызғын қутлықлап, олардың мәмлекетлери ҳәм халықларына тынышлық, раўажланыў ҳәм абаданлық тилеймиз.
Әзиз ўатанласлар!
Рамазан әййямын шаңарақ ҳәм жақынлар дөгерегинде үлкен қуўаныш пенен күтип алып атырған сиз, ҳүрметли ўатанласларымды және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, шаңарақларыңызға қут-берекет тилеймен.
Бул муқаддес айда исленетуғын ибадат ҳәм дуўалар, қайыр-сақаўат ҳәм әмеллерди Аллаҳ таала өз дәргайында қабыл етсин!
Халқымыздың ийгиликли арзыў-нийетлери әмелге ассын!
Рамазан айы бәршемизге мүбәрек болсын!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти