"Дунё" мәлимлеме агентлигиниң хабар бериўинше, мақалада былай делинеди:
"Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл 18-апрель күни қабыл етилген "Өндирис, экспорт ҳәм исбилерменлик жумысын хошаметлеў, саўда ҳәм санаат сиясаты нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманында "Алтын виза" бериў ҳаққында сөз етилген, - делинген мақалада. - Бул мәселе пәрманның 26-бәнтинде өз көринисин тапқан".
Ҳүжжетке муўапық, инвестицияларды хошаметлеў мақсетинде усы жылдың 1-июньинен баслап сырт мәмлекетлердиң пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларға 250 мың АҚШ доллары және олардың ҳәр бир шаңарақ ағзасы (турмыслық жолдасы, перзенти ҳәм ата-анасы) на 150 мың АҚШ доллары муғдарындағы төлемлер есабынан Өзбекстанда жасаў гүўалығы 5 жыл мүддетке әпиўайыластырылған тәртипте бериледи.
Атап өтилгениндей, "Алтын виза" бағдарламасы сырт ел инвесторлары ушын қолайлы шараятлар жаратыў, ҳуқықый кепилликлер бериў, мәмлекеттиң инвестициялық орталығын беккемлеўге қаратылған. Сондай-ақ, бул мәмлекеттиң ашық-айдынлығы, капиталды қорғаў, турақлы халықаралық экономикалық байланысларды раўажландырыўға үлкен үлес қосады.
"Соңғы сегиз жылда, халықаралық майдандағы келиспеўшиликлерге қарамастан ашық ҳәм прагматикалық сыртқы сиясат жүргизиў Өзбекстанның жәҳән аренасындағы "мирәт қағазы"на айланғанын атап өтиў керек. Мәмлекет, әсиресе, сырт ел инвесторлары ушын қолайлы мәканға айланды. Өсип баратырған экономикалық потенциалы менен бул бағдарда Өзбекстан Орайлық Азияда ең тартымлы мәнзил болып есапланады, десек қәте болмайды", - деп жазған автор.
Әлбетте, сырт ел инвесторларының исенимине ерисиў ушын оларға зәрүр шараятлар, имканиятлар ҳәм жеңилликлер қолланылыўы керек. Бундай қатнас тек ғана Өзбекстанда емес, ал пүткил дүнья тәжирийбесинде бар.
2017-жылдан баслап Өзбекстанда қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў бойынша түпкиликли реформалар әмелге асырылды. Жеке меншик мүлк ийелери, соның ишинде, инвесторлардың ҳуқықларының кепилликлери жаңаланды, олар ҳәттеки Өзбекстан Бас нызамында да және де беккемленди. Сондай-ақ, өткен жыллары сырт ел инвестицияларын хошаметлеўге байланыслы мәмлекетимиз басшысының бир қатар қарар ҳәм пәрманлары, Өзбекстан Министрлер Кабинетиниң тийисли ҳүжжетлери қабыл етилди", - делинеди басылымда.
Нәтийже де көп күттирмейди. Бүгин Өзбекстанның қайсы мүйешине бармаң, жаңа инвестициялық жойбарлар ҳәм қоспа кәрханаларға дус келесиз. Олар елдиң раўажланыўы, халықтың абаданлығын тәмийинлеўге, жаңа жумыс орынларын жаратыўға ҳәм социаллық объектлердиң қурылысына хызмет етпекте.
"Бир сөз бенен айтқанда, "Алтын виза" бағдарламасы республиканың мийнет ресурслары бар аймақларында миллий экономиканы техникалық қайта үскенелеў, өндиристи модернизациялаў, мәмлекетлик объектлерди меншиклестириў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ушын тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыўға қаратылған", - деп атап өтилген “El Mundo Financiero” мақаласында.

