Мәжилисте ХАЭА тәрепиниң ўәкиллери ҳәм Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитети баслығының орынбасары Сардор Ёқуббеков басшылығындағы делегация қатнаспақта.

Ушырасыў шеңберинде Өзбекстан тәрепинен мәмлекетте атом энергетикасы тараўын раўажландырыўға қаратылған миллий стратегия, әмелге асырылып атырған институционаллық реформалар ҳәм кадрлар потенциалын арттырыўға байланыслы Миллий ҳәрекет режеси бойынша презентация өткерилди.

Мәжилис қатнасыўшысы, Санаат, радиация ҳәм ядролық қәўипсизлик комитети мәлимлеме хызметиниң басшысы Бекзод Бердиевтиң ӨзАға мәлим етиўинше, презентация ўақтында нызамшылық базасы, жәмийетшиликти хабардар етиў ҳәм экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў илажлары ҳаққында ҳәр тәреплеме мәлимлеме берилди.

- ХАЭА қәнигелери Өзбекстан менен әмелий бирге ислесиў бағдарларын және де тереңлестириў бойынша өз усынысларын билдирди. Соның ишинде, техникалық жәрдем, эксперт мәсләҳәтлери, таллаўлар ҳәм билимлендириў бағдарламаларын кеңейтиў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, 2022-2023-жылларда әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелери көрип шығылып, кейинги жыллардағы тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды. Соның менен бирге, кадрлар таярлаў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ядролық айрықша жағдайларға таярлық көриў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда тәжирийбе алмасыўға келисип алынды. Бундай бирге ислесиў тәреплердиң бул бағдарда жақсы нәтийжелерге ерисиў имканиятын береди, - деди Б.Бердиев.

Мәжилис 6-май күни де өз жумысын даўам еттиреди.