Экспертлер көрсеткишлер жыл сайын артып баратырғаны, қалаберсе, планетамыз бойлап кеселликтиң дәри-дәрмаққа шыдамлы түрлери кеңнен тарқалып атырғанынан қәўетерде.
Соған қарамастан, Өзбекстанда туберкулезди анықлаў ҳәм емлеў бағдарында үлкен жетискенликлерге ерисилмекте.
- Бурын кеселликти лабораториялық усылда анықлаў ушын 3 айға шекем ўақыт кететуғын еди, - дейди Республикалық қәнигелестирилген фтизиатрия ҳәм пульмонология илимий-әмелий медицина орайының директоры Наргиза Парпиева. - Ҳәзир болса елимиз бойынша 136 ген-молекуляр анализатор аппараты алып келинип, 97 заманагөй лаборатория шөлкемлестирилген. Олардан 40ы районларда жумыс алып бармақта.
Буннан тысқары, қақырық үлгилерин район (қала) лардан тийкарғы лабораторияларға өз ўақтында алып келиў ушын логистика хызмети жақсыланған.
Соның ушын диагноз қойыў ушын жасалма интеллект пенен үскенеленген 46 ультрапортативли рентген аппараты орынларға жеткерип берилген. Олардың жәрдеминде, ҳәттеки, аўыр жатып қалған наўқаслардың үйине шекем барылып, өкпе ҳәм көкирек қуўыслығында қандай патологиялық процесслер болып атырғанлығы тезлик пенен анықланбақта.
Мәмлекетимиз басшысының 2023-жыл 20-январьдағы "2023-2026-жылларда фтизиатрия ҳәм пульмонология хызметин буннан былай да раўажландырыўға қаратылған илажлар ҳаққында"ғы қарары тийкарында 14 жасқа шекемги қәўип топарына тийисли халық қатламында иммунодиагностика усылында, 14 жастан үлкенлерде болса рентген усылында туберкулёзды анықлаў жолға қойылып, биринши мәрте 10 ўәлаятта "Өкпе саламатлығы" мобил бригадалары шөлкемлестирилди.
Туберкулёз кеселлигиниң тарқалыўының алдын алыў ушын жаңа туўылған нәрестелерди шаншыў қамтып алыўы 99,5 процентке жеткерилди. Айырым себеплерге бола, вакцина алмаған балаларда туберкулин жәрдеминде тери сынағы өткерилип, кейин емленди.
Соңғы 22 жылда елимизде кеселлениў дәрежеси 2 еседен, өлим көрсеткиши болса 10 еседен көбирек азайыўына ерисилди.
Өз гезегинде, 1-түр сезгир туберкулёз бенен кеселленген наўқасларды емлеў нәтийжелилиги кейинги жыллары 90 процентке жеткерилди ҳәм бул ЖДСШның кеселликти сапластырыў стратегиясы мақсетлерине сәйкес келеди.
Сондай-ақ, туберкулездиң турақлы түринен азап шегип атырған наўқасларды емлеў нәтийжелилиги 91,2 проценттен 95 процентке шекем арттырылып, емлеў мүддети 2 жылдан 6-9 айға қысқарды. Бул - дүньяның жүдә аз санлы мәмлекетлери ерискен көрсеткиш.
Санлы технологиялар жәрдеминде наўқасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде амбулатор емлеўдиң видеобақлаў усылы пүткил мәмлекет бойлап енгизилди. Бул инновациялық қатнас, әсиресе, алыс ҳәм шетки аймақларда жасайтуғын халық ушын емлениў имканиятларын кеңейтпекте.
ЖДСШның 2023-2030-жылларға мөлшерленген тийисли Ҳәрекетлер режесине муўапық, 2023-2024-жылларда мәмлекетимиз бойынша бул бағдарда салмақлы жумыслар әмелге асырылды.
Туберкулёз бенен кеселлениўге бейимли қәўип топарына киретуғын халық арасында кең көлемли скрининг илажлары өткерилди. Заманагөй диагностика усылларының көлеми кеңейтилди.
Наўқасларды емлеў ушын мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан сапалы дәри-дәрмақлар сатып алынды ҳәм кеселликтиң алдын алыў мақсетинде байланыста болған шахслар арасында профилактикалық емлеўлер алып барылды.
Еслетип өтемиз, ҳәр жылы 24-март дүнья жүзи бойлап "Пүткил жер жүзилик туберкулёзге қарсы гүресиў күни" сыпатында белгиленеди. Быйыл да усы сәне мүнәсибети менен "Аўа! Туберкулезди жоқ ете аламыз! Миннетлемелер, инвестициялар, нәтийжелер" сүрени астында дүньяның түрли орынларында, соның ишинде, мәмлекетимизде кең көлемли үгит-нәсиятлаў илажлары өткерилмекте.