Иллюстратив сүўрет

Қарарға бола, медицинаның басланғыш буўынында 30-65 жастағы ҳаял-қызлардың электрон базасы (дизими) қәлиплестириледи, оларды медициналық тексериўге мирәт етиў системасы жаратылады.

Ҳәр жылы 30-50 жастағы ҳаял-қызларда жатыр мойыны ракы скрининги адам папилломасы вирусын полимераза шынжырлық реакция тексериў жолы менен анықлаў және суйықлық цитологиялық усылы менен тексериў жолы менен әмелге асырылади.

30-65 жастағы ҳаял-қызлар ҳәр 2 жылда бир мәрте медицина хызметкерлери тәрепинен бирлемши таңлаўдан өткериледи.

Скринг нәтийжесинде онкологиялық кеселликке шалынғаны анықланған наўқасларды диагностикадан өткериў ҳәм емлеўге байланыслы қәрежетлер бюджет есабынан қаржыландырылады.

2025-жыл 1-январьдан баслап:

Онко қадағалаў ханалары ушын акушер-гинеколог шыпакер және мобил ҳәм стационар маммографлардың жумысын 2 сменада шөлкемлестириў ушын рентген-лаборантлар штатлары енгизиледи;

Маммография сүўретин оқыў орайы шөлкемлестириледи;

адам папиллома вирусы диагностикасы ушын қолланылатуғын тест системаларының сапасын қадағалаў бойынша референс-лаборатория жумысы жолға қойылады;

жатыр мойны ҳәм көкирек бези ракы скринингине мәмлекетлик емес медицина шөлкемлери тартылады.

2025-жыл 1-майға шекем:

жатыр басы ракы скрининги ҳәм көкирек бези ракын ерте анықлаў сапасын баҳалаў ҳәм мониторинг етип барыў системасы;

скрининг бағдарламасына киргизилген ҳаял-қызлар менен қайта байланыс системасы енгизиледи.