Санлы технологиялар министриниң орынбасары Р.Каримжанов Қытайға хызмет сапары шеңберинде Хидиан университети басшылары менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыў даўамында Өзбекстан ҳәм ҚХР арасындағы әмелдеги бирге ислесиў байланысларын санластырыў, билимлендириў ҳәм жаңа инновациялар арқалы буннан былай да беккемлеў бағдарында және өз-ара байланысларды буннан былай да кеңейтиў имканиятлары көрип шығылды.
Университет тәрепинен 2025-жылдан баслап Санлы билимлендириўди раўажландырыў орайы менен биргеликте өзбек жаслары ушын санластырыў тараўына қаратылған билимлендириў бағдарламасын жолға қоятуғыны мәлим етилди.
Қалаберди, университеттиң Өзбекстанда өз филиалын шөлкемлестириў мәселеси де тийисли дәрежеде додаланып атырғаны ҳәм имканиятлар үйренип атырғаны мәлим етилди және университет тәрепинен Өзбекстанда IТ тәлим орайын шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилди.
Министрдиң орынбасары тәрепинен санлы билимлендириўди раўажландырыў ҳәм ҚХРның алдынғы тәжирийбесин Өзбекстанда енгизиў ушын өзбек университетине маман қәнигени тартыў усыныс етилди.
Ушырасыў жуўмағында, университет Ташкент қаласындағы ИНҲА университети арасында өз-ара бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.
Хидиан университети 1931-жылы шөлкемлестирилген болып, Қытайдағы жетекши университетлерден бири есапланады. Университет электроника, телекоммуникация ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўларында күшли илимий базасы менен белгили.