Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасы менен халқымыздың кеңпейиллик жәрдеми сыпатында Аўғанстан халқын бийпул медициналық тексериўден өткериў, зәрүр азық-аўқат ҳәм дәри-дәрмақ қураллары көринисиндеги гуманитарлық жүк Аўғанстан халқына жеткерилди.
Жәми 9 вагоннан ибарат "Саламатлық" медициналық-санитариялық жәрдеми усы жылдың 25-30-декабрь күнлери Аўғанстанның Балх ўәлаятында бир топар халық маман шыпакерлеримиз тәрепинен бийпул медициналық тексериўден өткериледи.
Бул гуманитарлық жәрдем Өзбекстан ҳәм Аўғанстан ҳүкиметлериниң ушырасыўында аўған халқын Өзбекстан шыпакерлери тәрепинен бийпул медициналық тексериўден өткериўде жәрдем көрсетиў сораўына тийкарланып әмелге асырылмақта.
Гуманитарлық жүклер Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкими Улуғбек Қосимов ҳәм Транспорт ҳәм Сыртқы ислер министрликлери, сондай-ақ, "Өзбекстан темир жоллары" АЖ жуўапкерлери тәрепинен жеткерип берилди.