Кеше Таиландта велоспорттың шоссе жөнелиси бойынша үлкенлер, жаслар ҳәм паравелоспортшылар арасында өткерилген Азия чемпионаты жуўмақланды.

Тоғыз күн даўам еткен континент чемпионатында жерлеслеримиз жарыста 3 алтын ҳәм 1 бронза, жәми 4 медалды қолға киргизип, улыўма командалық есапта екинши орынды ийеледи.

Медаллар аралас эстафета ҳәм ҳаял-қызлар арасындағы беллесиўлерде қолға киргизилди.

Велошоссе бойынша Азия чемпионатында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған спортшылар:

Алтын:

Янина Кускова.

Самира Исмоилова (У-18)

Аралас командалық эстафета (У-18).

Бронза:

Асал Ризаева.

Енди жерлеслеримиз Куала-Лумпурда (Малайзия) болып өтетуғын велотрек бойынша Азия чемпионатында жеңимпазлық ушын гүрес алып барады.