Өзбекстанлылар "Hyundai” кемесазлық компаниясына жумысқа мирәт етилмекте

    “Hyundai” корпорациясы 2025-жылы елимизде "Кәсип-өнерге оқытыў орайы"н шөлкемлестиреди. Феврал айынан мақсетли оқытыўды баслайды.

    Усы күнлерде елимизде Корея Республикасының Улсан қаласы ҳәкимлиги және дүняьға белгили “Hyundai” корпорациясының ўәкиллеринен ибарат делегация мийманда болып тур.

    Олар соңғы 3-4 күн ишинде Ташкент, Ферғана ҳәм Самарқанд қалаларындағы Кәсипке оқытыў орайларының жумысы менен танысты. Бүгин Миграция агентлиги басшылары менен болып өткен ушырасыўда келешектеги режелер додаланды.

    Усы келисимлерге бола, “Hyundai” корпорациясы 2025-жылы мәмлекетимизде "Кәсип-өнерге оқытыў орайы"н шөлкемлестиреди. Бул жерде тил ҳәм жоқары технологиялар тийкарында Корея стандартларына муўапық кәсипке оқытылады.

    "Басланғыш дәўирде Өзбекстаннан 350 жумысшы күшин тартамыз," - деди Улсан қала ҳәкими орынбасары Song Yeon Ju.

    Ушырасыўда Улсан қаласында сырт елли жумысшыларға талап жоқары екени атап өтилди. “Hyundai” кемесазлық компаниясы өндирис ҳәм хызмет көрсетиў бағдарында дүньяда жетекши орынларда турады. 2500 ден аслам кемеге хизмет көрсетеди. 2027-жылғы буйыртпалар да қәлиплескен. Талаптан келип шығып, 5 000 сырт ел жумысшысы мийнет етеди.

    "Өзбекстаннан жумысшыларды тартыўымызға себеп болып атырған факторлардан бири - өзбек жаслары мийнеткеш, жаңалықларды тез өзлестиреди, әтираптағылар менен жақынласып кетиў көнликпелери жоқарылығы менен ажыралып турады," - деди “Hyundai Heavy Industries” компаниясының вице-президенти Kim Seong Hoon.

    Сөйлесиўде 2025-жылдың февраль айынан “Hyundai”ге мақсетли оқытыў жумысларын баслаўға келисип алынды. Оған шекем, Кореядан тәжирийбели хызметкерлер, Корея технологиялары бойынша оқыў бағдарламалары, үскенелер алып келинеди.

    Ушырасыўда Корея Республикасының Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Von Do Yon да қатнасты.