Еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында Өзбекстанның Черногориядағы биринши Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ойбек Шахавдинов (резиденциясы Будапешт қаласында жайласқан) 25-ноябрь күни Черногория Президенти Яков Милатовичке исеним жарлықларын тапсырды, деп хабар бермекте " Дунё " ХА.

Президент резиденциясында болып өткен салтанатлы мәресимнен соң өткерилген сөйлесиў ўақтында Өзбекстан-Черногория қатнасықларының бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары, оларды жаңа сапа басқышына алып шығыў бойынша ўазыйпалар додаланды.

Президент Яков Милатович Өзбекстан халқын социаллық-экономикалық раўажланыў жолында ерисилген табыслар менен қутлықлап, елимизге тынышлық, раўажланыў ҳәм абаданлық тиледи. Черногория басшысы, сондай-ақ, Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң реформалар ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў бағдарындағы басламаларының әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Черногория еки тәреплеме қатнасықлар, атап айтқанда, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений тараўлардағы потенциалды жоқары баҳалайды. Президент туристлик ҳәм гуманитарлық алмасыўлар ушын қолайлы шараятлар жаратыў әҳмийетли екенин атап өтти.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан ҳәм Черногория арасындағы дипломатиялық қатнасықлар 2006-жыл 19-декабрь күни орнатылған еди.