"Дунё" МАның хабар бериўинше, салтанатлы мәресимнен соң болып өткен сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Мальдив арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы қатнасықлардың ҳәзирги жағдайы ҳәм келешектеги раўажланыў перспективалары додаланды.
Тәреплер социаллық-экономикалық турмыстың түрли бағдарларында еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ушын үлкен имканиятлар бар екенлигин атап өтти.
Президент Муҳаммад Муиззу Мальдив Республикасы Өзбекстан менен БМШ, ИБШ, басқа да халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер шеңберинде тәреплерди қызықтырған мәселелер, соның ишинде, климат өзгериўи, турақлы раўажланыў ҳәм регионаллық қәўипсизлик бойынша бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге таяр екенин билдирди.
Айрықша итибар туризм ҳәм жоқары билимлендириў бағдарында шерикликти раўажландырыўға қаратылды. Атап айтқанда, Өзбекстан жоқары билимлендириў мәкемелеринде Мальдив Республикасы студентлерин оқытыў перспективалары додаланды. Еки мәмлекет арасында тиккелей рейслерди ашыў, виза режимин әпиўайыластырыў ҳәм биргеликтеги саяхат пакетлерин ислеп шығыў имканиятларын көрип шығыўға келисип алынды.
Тәреплер жоқары ҳәм жоқары дәрежедеги сапарларды шөлкемлестириў, исбилерменлер ҳәм басқа да тараў ўәкиллериниң делегациялары алмасыўын жолға қойыў бойынша пикир билдирди.









