"Дүня" МАның хабар бериўинше, салтанатлы илаждан соң болып өткен қысқа сөйлесиўде Мальта жетекшиси Өзбекстан Президенти тәрепинен алып барылып атырған ашық ҳәм прагматикалық сыртқы сиясат нәтийжесинде еки тәреплеме қатнасықлар жеделлескенин атап өтти.
Ушырасыўда халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, БМШ ҳәм ЕҚБШ шеңбериндеги өз-ара басламаларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылды.
Абат Файзуллаев 2020-2023-жылларда Өзбекстанның Австриядағы ҳәм орынбасарлық тийкарында Венгриядағы елшиси болып ислеген. Ол бир ўақыттың өзинде Өзбекстанның Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми және Вена қаласындағы басқа да халықаралық шөлкемлер жанындағы турақлы ўәкили лаўазымында жумыс алып барған.