Иран әтирапындағы жағдайдың кескинлесиўине байланыслы Өзбекстан елшиханасы Ирандағы Өзбекстан пуқараларына қәўипсизлик илажларына қатаң әмел етиўди, сондай-ақ, Иран ҳүкимети ҳәм Өзбекстан елшиханасы рәсмий хабарларын турақлы түрде бақлап барыўды усыныс етти.
Сондай-ақ, елшихана шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжетлер ҳәм Өзбекстан елшиханасының байланыс мағлыўматларын бәрқулла бирге алып жүриў керек екенлигин атап өткен.
Тез жәрдем ямаса мәсләҳәт керек болса, Өзбекстанның Тегерандағы елшиханасына төмендеги телефонлар арқалы мүрәжат етиў мүмкин: 22299780, 22832025
Еслетип өтемиз, алдынырақ Өзбекстанның Израилдағы елшиханасы усы мәмлекетте жасап атырған Өзбекстан пуқараларына ескертиў менен шыққан еди.








