"Дунё" ХАның хабар бериўинше, рәсмий мәресимнен соң болып өткен сөйлесиў ўақтында Исландия Президенти Халла Томасдоттир еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында биринши мәрте Өзбекстан елшисиниң усы мәмлекетке тайынланыўы, сөзсиз, кейинги жылларда Өзбекстан Президенти тәрепинен алып барылып атырған ашық ҳәм прагматикалық сыртқы сиясаттың нәтийжеси екенин атап өтти.
Сондай-ақ, ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Исландия арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары бойынша пикир алысылды. Саўда-экономикалық, мәдений ҳәм туризм тараўларында байланысларды жеделлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Ушырасыў жуўмағында Исландия Президенти Халла Томасдоттир Өзбекстан басшысы ҳәм халқына абаданлық ҳәм турақлы раўажланыў, Өзбекстан елшисиниң еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў ҳәм кеңейтиў жолындағы жумысларына табыслар тиледи.









