Өзбекстанның жаңадан тайынланған елшиси Иордания СИМге исеним жарлықларының нусқаларын тапсырды

    Өзбекстанның Иорданияға жаңадан тайынланған елшиси Нодиржон Турғунов 28-май күни усы мәмлекет Сыртқы ислер ҳәм сырт елдеги ўатанласлар менен ислесиў министрлигиниң бас хаткери Мажид ал-Қатарнаға исеним жарлықларының нусқаларын тапсырды.

    "Дүнья" АА хабарына бола, сөйлесиў ўақтында Өзбекстан-Иордания қатнасықларын жеделлестириў, сондай-ақ, БМШ, Ислам бирге ислесиў шөлкеми сыяқлы халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги өз-ара бирге ислесиў мәселелери додаланды.

    Еки дос мәмлекет арасында беккем тарийхый ҳәм мәдений байланыслар бар екенлиги айрықша атап өтилди.

    Сиясий сөйлесиўди кеңейтиў перспективалары, соның ишинде, ҳәр қыйлы дәрежедеги өз-ара сапарларды шөлкемлестириў ҳәм қоспа илажлар, атап айтқанда, сыртқы ислер министрликлери арасында сиясий мәсләҳәтлесиўлер ҳәм ҳүкиметлераралық комиссия мәжилислерин өткериў арқалы додаланды.

    Тәреплер саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў, соның ишинде, исбилермен топарлар арасындағы байланысларды жеделлестириў ҳәм биргеликтеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўдан өз-ара мәпдар екенлигин билдирди. Экономикалық дипломатияны жедел алға қойыў бойынша анық усыныслар көрип шығылды. Мәдений-гуманитарлық байланысларды кеңейтиў, туристлик алмасыўды көбейтиўге айрықша итибар қаратылды. Халық дипломатиясын беккемлеўдиң әҳмийетли қуралы сыпатында Өзбекстан ҳәм Иордания пайтахтларында Мәденият күнлерин өткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates