Мәжилисте "Өзбекстан-Польша" ҳәм "Польша-Өзбекстан" парламентлераралық бирге ислесиў топарларының жумысын күшейтиў, парламентлераралық ҳәм саўда-экономикалық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери додаланды.
Кейинги жыллары еки мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлери себепли Өзбекстан ҳәм Польша арасында көп қырлы бирге ислесиў қатнасықлары жедел раўажланып атырғаны айрықша атап өтилди.
Өзбекстан ҳәм Польша арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўда парламентлераралық байланыслар үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилип, саўда-экономикалық, инвестиция, экспорт, транспорт, аўыл хожалығы, илим, мәденият, туризм ҳәм миграция тараўларында өз-ара бирге ислесиў байланысларын буннан былай да кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, еки тәреплеме саўда-экономикалық бирге ислесиўди жеделлестириў ҳәм исбилерменлер арасында исбилерменлик байланысларын кеңейтиў басламасы алға қойылып, "Өзбекстан-Польша" ҳәм "Польша-Өзбекстан" парламентлераралық бирге ислесиў топарлары өз жумыслары шеңберинде инвестициялар ҳәм саўда тараўын қоллап-қуўатлаўға және жәрдемлесиўге айрықша итибар бериўге келисип алды.
Мәжилис жуўмағында еки мәмлекет парламентлери арасындағы бирге ислесиў байланысларын кеңейтиў, парламентлераралық топарлардың жумысын күшейтиў ҳәм кең көлемли бирге ислесиўди раўажландырыў, сондай-ақ, өз-ара тәжирийбе алмасыўды жолға қойыўға қаратылған анық илажлар режеси "жол картасы"н ислеп шығыўға келисип алынды, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.