Өзбекстан парламент делегациясы ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясы Кеңесиниң мәжилисинде қатнасты

    Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева басшылығындағы парламент делегациясы Душанбе қаласында болып өткен Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Парламентлераралық ассамблеясы Кеңесиниң мәжилисинде қатнасты.

    Сапар етиўдиң биринши күнинде Кеңес мәжилисиниң күн тәртибиндеги мәселелер көрип шығылды.

    Мәжилис даўамында Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерал Кеңесиниң Баслығы Валентина Матвиенко ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң Парламентлераралық ассамблеясы Кеңесиниң баслығы лаўазымына қайта сайланды.

    Сондай-ақ, 59-жалпы мәжилиске таярлық шеңберинде күн тәртиби, регламент ҳәм редакциялық кеңестиң қурамы тастыйықланды. Тәжикстанның 2025-жылы ҒМДАға басшылығы ҳаққындағы мәлимлеме тыңланды. Келеси жылы басшылық Түркменстанға өтетуғыны атап өтилди.

    Мәжилисте ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң Парламентлераралық ассамблеясы турақлы комиссияларының баслықлары тастыйықланды. Олардың арасында Өзбекстан Республикасынан талабан - Олий Мажлис Нызамшылық палатасының ағзасы Ш.Шарафутдинов Мәденият, мәлимлеме, туризм ҳәм спорт мәселелери бойынша комиссияның баслығы етип тастыйықланды.

    Сондай-ақ, ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясының 2026-жылға мөлшерленген жумыс режеси тастыйықланып, оған муўапық Кеңес ҳәм комиссиялардың мәжилислери, халықаралық форумлар өткериў, сайлаўларды бақлаў, жаслар ҳәм билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў режелестирилген.

    Кеңес мәжилисинде қабыл етилген қарарлар ҒМДА мәмлекетлери парламентлери арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, нызам дөретиўшилигин муўапықластырыў ҳәм түрли тараўлардағы интеграция процесслерин раўажландырыўға хызмет етеди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates