Ушырасыўда ўатанласларымызға соңғы жылларда елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжаты, "Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңберинде сырт елдеги пуқараларымызды қоллап-қуўатлаў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
Атап айтқанда, сырт елде билим алып, жумыс ислеп атырған ҳәм аўыр турмыслық жағдайға түсип қалған ўатанласларымыз ушын мөлшерленген имканиятлар, жеңилликлер, стипендиялар, оларға "Илдиз" ҳәм "Чинор" мәдений-ағартыўшылық бағдарламалары ҳәм платформалары арқалы көрсетилип атырған хызметлер айрықша атап өтилди.
Ушырасыўда ўатанласларымызға оператив ҳәм сапалы ҳуқықый жәрдем көрсетиў, оларды қыйнап киятырған мәселелерге әмелий шешим табыў, Өзбекстанның раўажланыўы жолында инвестиция, экспорт, туризм, билимлендириў, ИТ ҳәм медицина тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелери де додаланды.