Сапар етиў шеңберинде Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаеваның Беларусь Республикасы Миллий мәжилиси Республика Кеңесиниң Баслығы Наталья Кочанова менен ушырасыўы болып өтеди.
Сондай-ақ, сапар даўамында бир қатар әҳмийетли илажлар шөлкемлестириледи. Соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Беларусь Республикасы Миллий мәжилиси Республика Кеңеси арасында бирге ислесиў бойынша комиссияның биринши мәжилиси, "Өзбекстан - Беларусь: бирге ислесиў турақлы раўажланыў факторы сыпатында" атамасындағы Өзбекстан - Беларусь исбилермен ҳаял-қызлары үшинши бизнес форумының жалпы мәжилиси болып өтти.
Өзбекстан ҳәм Беларусь исбилермен ҳаял-қызларының үшинши бизнес-форумы шеңберинде жети секция жумысы шөлкемлестириледи, оларда форум қатнасыўшылары санаат ҳәм социаллық-экономикалық тараўдағы бирге ислесиўден баслап, жергиликли ўәкилликли уйымлар ҳәм жаслар бирге ислесиўине шекемги кең көлемли мәселелерди додалайды.
Сапар етиў шеңбериндеги және бир әҳмийетли ўақыя - Витебск қаласында «Made in Uzbekistan» миллий көргизбеси болып өтеди. Онда азық-аўқат, фармацевтика, жеңил санаат, туризм, өнерментшилик, электрон техника сыяқлы тараўларда жумыс алып барып атырған 70 тен аслам исбилермен ҳаял-қыз өз өним ҳәм хызметлерин көрсетеди.









