Қуўанышлы жаңалық пенен ортақласпақшыман: Осака қаласында өткерилип атырған Пүткилжәҳән ЭКСПО көргизбесинде Өзбекстан павильоны өз категориясы бойынша жоқары сыйлыққа - "Темаларды ең жақсы ашқан" номинациясы бойынша алтын медалға ийе болды.
Биз дәстүр ҳәм инновациялардың үйлесимлилигин сәўлелендиретуғын "Билимлер бағы: келешек жәмийети ушын лаборатория" концепциясын усындық ҳәм бул идея дүнья жәмийетшилигинде кеңнен тән алынды.
Барлық команда ҳәм халықаралық бирге ислесиўшилеримизге бул жойбарға болған қоллап-қуўатлаў, профессионаллық ҳәм исеним ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен", - деп жазған Саида Мирзиёева өзиниң телеграм каналында.







