Жер жүзинде тиришилик бар екен, азық-аўқат өнимлерине болған талап күннен-күнге артса да артады, ҳеш қашан азаймайды. Оларды жетистириў болса фермер ҳәм кооперативлер, кластерлер, қайта ислеўшилер, илимий шөлкемлердиң ўазыйпасына киреди. Мәмлекетимиздиң аграр тармағындағы реформалар, атап айтқанда, 2020-2030-жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыў стратегиясы шеңберинде көрилип атырған илажлар мине усы шынжырдың үзликсизлигин тәмийинлеўге хызмет етпекте.
Президентимиздиң усы жыл 17-январьдағы "Пахта шийки затын жетистириў ҳәм сатыўда базар механизмлерин қолланыўды избе-из даўам еттириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы бул бағдардағы жумыслардың логикалық даўамы болды. Бул пәрманға айрықша тоқтап өтиўимиздиң себеби бар. Себеби жақын арада бәҳәр басланады. Бул мәўсим келиўи менен атызларда қызғын жумысқа кириседи. Дийқан егиўден алдын зүрәәт ҳаққында ойлайды. Көп жыллық тәжирийбе, ҳәр қыйлы тәбийий ҳәм тәбийий емес факторлар оны усындай жол тутыўға ийтермелейди. Бул дурыс та.
Бул пәрманда пахта жетистириўшилер ушын бир қатар қолайлықлар нәзерде тутылған. Соның ишинде, пахта шийки затын жетистириў ҳәм сатыў системасын қаржыландырыўды базар механизмлерине бейимлестириў, жетистириўдиң өзине түсер баҳасын арзанлатыў, биржа арқалы сатыўды жаңа басқышқа алып шығыў, сондай-ақ, хожалықлар ҳәм қайта ислеўшилердиң материаллық мәпдарлығын арттырыўдың анық илажлары белгилеп берилди. Яғный, шәртнамалық қатнасықлар жаңа басқышқа алып шығылып атыр. Анығырақ етип айтқанда, 2025-жыл өниминен баслап, пахта шийки затын биржада сатыў фьючерс, форвард ҳәм спот шәртнамалары тийкарында әмелге асырылады.
Фьючерс шәртнамалары усы жыл 1-ноябрьден кейинги жылдың 1-июньине шекем фермерлер ҳәм қайта ислеўшилер (кластерлер, биринши ҳәм екинши қайта ислеў басқышы бар тоқымашылық кәрханалары) арасында биржада еркин қәлиплесетуғын, бирақ жәрияланған басланғыш баҳадан төмен болмаған баҳада дүзиледи. Бунда фермерлер қайта ислеўшилер усыныс еткен баҳалардан өзине мақул болған бир ямаса бир нешеўин еркин таңлайды. Фьючерс шәртнамалары Аўыл хожалығын раўажландырыў қорының ресурслары есабынан жеңиллетилген кредит ажыратыўға тийкар болады. Онда жеңиллетилген кредитлер жәрияланған басланғыш баҳадан келип шығып ажыратылады.
1-ноябрьден келеси жылдың 1-июнына шекем фьючерс шәртнамаларын дүзиўге рухсат берилиўи фермерлер ушын үлкен имканият. Себеби өз қаржысы ямаса форвард шәртнама тийкарында өним жетистирмекши болған фермерлер 1-мартқа шекем келисимге ерисе алмаса, фьючерс шәртнамаларынан пайдаланған ҳалда жеңиллетилген кредит алыўы мүмкин. Сондай-ақ, өз қаржысы есабынан пахта жетистириўди режелестирген фермердиң пулы жетпей қалса, 1-июньға шекем фьючерс шәртнамасы имканиятынан пайдаланыўы мүмкин.
Форвард шәртнамалары 1-ноябрьден кейинги жылдың 1-мартына шекем фермерлер ҳәм қайта ислеўшилер арасында өз қаржысы ямаса коммерциялық кредити есабынан жетистирилетуғын пахта шийки заты бойынша өз-ара келисилген баҳаларда биржада дүзиледи. Бул жағдайда пахта шийки затын жетистириў қәрежети кластерлер тәрепинен қаржыландырылады. Буның ушын Аўыл хожалығын раўажландырыў қоры кредит ажыратпайды. Айтайық, фермер ҳәм кластер өз-ара келисип, форвард шәртнамасын дүзеди. Шәртнамаға муўапық, кластер фермерге пахта шийки затын жетистириў дәўиринде туқым, төгин, жанылғы-майлаў материаллары менен тәмийинлейди ҳәм техникалық хызметлер көрсетеди. Фермер болса, өз гезегинде, пахтаны жетистирип, таяр өнимди кластерге жеткерип береди. Фермер пахта шийки затын кластерге жеткерип бергеннен кейин жуўмақлаўшы есап-санақлар әмелге асырылады.
Спот шәртнамалары болса қоймаханада сақланып атырған пахта шийки затының көлемине қарап, фермерлер ҳәм қайта ислеўшилер арасында еркин баҳаларда дүзиледи ҳәм әмелдеги спот шәртнамалары тийкарында сатыў тәртиби өзгермейди. Яғный өз қаржысы ямаса коммерциялық кредит есабынан фьючерс шәртнамасынан артықша жетистирилген пахта шийки заты жетистириўшилер тәрепинен биржа арқалы исбилерменлик субъектлерине сатылады ямаса қайта исленеди. Бул жағдайда фьючерс шәртнамасынан артықша жетистирилген пахта шийки заты фьючерс шәртнамасы дүзилген кластерге тиккелей сатылыўы мүмкин. Пахта шийки затын қайта ислеўден алынған пахта талшығы ҳәм екилемши өнимлер (шигит, линт ҳәм өли пахта) толық көлемде биржа арқалы сатылады.
Бул өз қаржысы есабынан пахта жетистирген фермерлер ямаса кооператив ағзалары пахта шийки затын биржада барлық исбилерменлик субъектине еркин сатыўы мүмкин, дегени. Ямаса фермерлер кластерлердиң заводлары менен шәртнама дүзген ҳалда пахта шийки затын бирлемши қайта ислеп, талшығы ҳәм шигитин биржада еркин сатыўы мүмкин.
Соның менен бирге, кооперативке ағза болған ямаса фьючерс ҳәм форвард шәртнамалары дүзбеген фермерлерге 50 процент муғдарында гиреў тәмийнаты тийкарында жеңиллетилген кредит ажыратылады. Яғный, фермер фьючерс ямаса форвард шәртнамасын дүзиўди қәлемесе ямаса кооператив ағзасы болса, 50 процент гиреў тәмийнаты тийкарында жеңиллетилген кредит алады.
Және бир әҳмийетли мәселе пахта шийки затының басланғыш баҳасы қандай ҳәм ким тәрепинен белгиленетуғыны болып есапланады. Енди Өзбекстан Республикасы Товар шийки зат биржасы тәрепинен ҳәр жылы 1-ноябрьде (2025-жыл зүрәәти ушын 1-февральда) пахта талшығының Нью-Йорк биржасындағы фьючерс котировкаларының соңғы 6 айдағы орташа котировкасынан келип шыққан ҳалда пахта шийки затының басланғыш баҳасы жәрияланады.
Пәрманда, сондай-ақ, пахта шийки затын жетистириўде фермерлер ҳәм кооперативлерди қосымша хошаметлеўдиң анық илажлары белгилеп берилди.
Онда өз қаржысы ҳәм коммерциялық кредит есабынан пахта жетистирген ҳәм биржада сатқан фермерлер және кооператив ағзаларына пахта шийки затының баҳасының 10 проценти муғдарында субсидия бериледи. 2024-жылдағы пахтаның басланғыш баҳасынан келип шығылса, өз есабынан шийки зат жетистирген фермерлерге орташа 7800 сумның 10 проценти, яғный 780 сум субсидия етип бериледи.
Буннан тысқары, пахта шийки затын жетистириў ушын алынған жеңиллетилген кредитти өним жылы жуўмағына шекем (31-декабрьге шекем) қайтарған хожалықларға усы кредит бойынша төленген процент төлемлериниң 4 процентлик пунктин субсидия сыпатында қайтарып бериў тәртиби енгизиледи. Егер фермер пахта шийки затын жетистириў ушын бир жыл мүддетке 100 миллион сум кредит алса, жыллық процент ставкасы 10 процентти, яғный бир жылға 10 миллион сумды қурайды. Кредитти 31-декабрьге шекем қайтарса, усы есапланған процентлердиң 4 миллион сумы фермерге субсидия етип бериледи. Буның менен фермерге кредит 6 процентке түседи.
Пахта шийки заты ҳәм ғәллени есапқа алыў системасының ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде жаңалықлар бар. Мәселен, пахта ҳәм ғәллени қабыллаўдағы электрон тәрезилер Аўыл хожалығы министрлигине өткериледи ҳәм агроплатформаның "Зүрәәт қабыллаўы" порталы жетилистириледи. Онда барлық қабыллаў орнында бақлаў камерасы орнатылады, бирден-бир мәлимлеме системасында ислеўи жолға қойылады ҳәм үзликсиз интернет пенен тәмийинленеди.
Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен ҳәр жылы апрель ҳәм август айларында ғәлле ҳәм пахтаны қабыл етиўши кәрханалардың хызметкерлерин электрон тәрези менен ислеў бойынша оқытыў системасы жолға қойылады. Булар фермерлерге қолайлық жаратыў менен бирге, аграр тараўдың раўажланыўына да үлкен үлес қосады.
Соатмурод ҚУЛМИРЗАЕВ,
Аўыл хожалығы министрлиги департамент баслығы
Суннатилла РАШИДОВ,
Аўыл хожалығы министрлиги басқарма баслығы