Пахта жыйым-терими, гүзги-қысқы мәўсимге таярлық, "Жасыл мәкан" бағдарламасы және инвестиция ҳәм экспорт бойынша жумыслардың барысы талланды

    Сиясат 26 қыркүйек 2025 2468

    Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында аймақларда пахта зүрәәтин жыйнаў, гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жағдайы, инвестиция ҳәм экспорт көрсеткишлериниң орынланыўы және "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңбериндеги жумысларды таллаў бойынша кеңейтилген мәжилис болып өтти.

    Мәжилисте аймақлар кесиминде пахта жыйын-терими пәтлери ҳәм бар машқалалар ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

    Быйыл 875 мың гектар майданға шигит егилип, 3,7 миллион тонна өним ушын шәртнамалар дүзилген. Терим процесслерине 900 ден аслам машина берилди, фермерлерге жанылғы ҳәм төгин арзанластырылған тәртипте берилди.

    Соның менен бирге, айырым аймақларда режеден артта қалыў жағдайлары бақланбақта. Мәселен, Сурхандәрья, Хорезм, Ферғана ҳәм Әндижан ўәлаятлары жақсы нәтийже көрсетип атырған болса, Самарқанд, Сырдәрья ҳәм Наўайыда жағдай қанаатландырарсыз.

    Президентимиз қысқа ўақыт ишинде орынларда айрықша штаблар дүзип, зүрәәтти сапалы жыйнап алыў, фермерлерди ойландырып атырған мәселелерди жедел шешип барыў бойынша көрсетпелер берди. Жуўапкерлерге терилген пахта ушын есап-санақлар өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў тапсырылды.

    Мәжилисте гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жағдайы да көрип шығылды.

    Республика бойынша 640 мектеп ҳәм бақшалардан 125 инде оңлаў жумыслары еле жуўмақланбаған. 9,8 мың көп қабатлы жайдың дерлик мыңы таяр емес. Жиззақ ҳәм Сурхандәрьядағы қазанханалардың оңланыўы да ақырына жеткерилмеген.

    Мәмлекетимиз басшысы еки ҳәпте ишинде бул мәселелерди шешиў, подстанция, электр ҳәм суў тармақларын мәўсимге таяр жағдайға келтириў зәрүр екенлигин атап өтти.

    Сондай-ақ, бүгинги күнде халыққа 55 мың тонна, соннан 381 алыс аўылларға 9 мың тонна жергиликли көмир жеткерип берилген. Халыққа қоймаханалардағы 27 мың тонна тарқатылмай қалған көмирди ҳәм гүзги-қысқы мәўсимде тутыныўшыларға 330 мың тонна суйылтырылған газди толық жеткерип бериў тапсырылды. Газ ҳәм электр тәмийнатында үзилислерге жол қоймаў ушын жуўапкерлер жеке жуўапкер екенлиги көрсетип өтилди.

    "Жасыл мәкан" бағдарламасының орынланыўы додаланып, быйыл бәҳәрде егилген 137 миллион нәлдиң 27,5 миллионы қуўрап қалғаны сынға алынды. Себеби - бәҳәр ҳәм жаз ортасында ыссы күнлер тез келип қалыўы ақыбетинде егилген нәллер өнип үлгермей атыр, оларға әдеттегиден 2-3 есе көп суў жумсаўға туўра келмекте.

    Усы мүнәсибет пенен теректи гүзде егиўди көбейтиў зәрүрлиги көрсетип өтилди. Быйылғы гүз мәўсиминде 125 миллион түп терек ҳәм пута, бәҳәрде және 75 миллион түп егиў режелестирилген. Онда суўғарыў системасы ҳәм имканияты жоқ жерлерге нәл екпеў талап етип қойылды.

    Урбанизация процесиниң тезлесип баратырғаны қалалар ҳәм ўәлаят орайларында жасылласыў дәрежесин арттырыўды талап етпекте. Қалаларды "жасыл" стандартларға муўапық илимий тийкарда раўажландырыў мақсетинде илимпазлар, урбанистлер ҳәм экологлардың қатнасыўында Ташкент ҳәм Нөкис қалалары, барлық ўәлаят орайларының "жасыл" мастер режелери ислеп шығылатуғыны белгиленди.

    Усы жылдың үшинши шерегиниң жуўмағы менен елимизге тартылған сырт ел инвестицияларының көлеми 33,5 миллиард долларға жетиўи күтилмекте. Январь-август айларында экспорт 23 миллиард долларды қурап, өткен жылға салыстырғанда 31 процентке көбейди.

    Бирақ инвестицияның өсиўи барлық аймақларда да бирдей емес. Айырым аймақларда болса экспорт көрсеткишлери төменлеген. Президент жуўапкерлерден жылдың ақырына шекем 7,3 миллиард доллар қосымша экспортты тәмийинлеў, инвестицияларды тартыў ҳәм жаңа базарларға шығыў бойынша анық илажлар көриўди талап етти.

    АҚШ штатлары менен бирге ислесиў жолға қойылатуғыны белгиленди. Ҳәр бир ўәлаят белгили штат пенен бирге ислесиў орнатып, жергиликли исбилерменлер ҳәм сырт елли шериклер арасында тиккелей байланысларды кеңейтиўге жәрдемлесиў зәрүрлиги атап өтилди.

    Мәжилис жуўмағында Президент барлық бағдарларда белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм толық орынлаў бойынша көрсетпелер берди.

    No date selected
    November 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates