Педагог кадрлар таярлаў системасының трансформациясы – Жаңа Өзбекстан ушын сапалы билимлендириў гиреўи

    Пикир 30 сәуір 2025 140

    Елимизде тәлим-тәрбия системасын жетилистириў, илим тараўының раўажланыўын жеделлестириў мәселелери турақлы итибарда. Себеби, раўажланыўдың тырнақ тасы да, мәмлекетти қүдиретли, миллетти уллы ететуғын күш те илим, билимлендириў ҳәм тәрбияда.

    Соның ушын елимизде билимлендириў системасын комплексли раўажландырыў, маман кадрлар таярлаўға үлкен күш ҳәм қаржы қаратылып келинбекте. Нәтийжеде мектепке шекемги билимлендириў, мектеп ҳәм жоқары билимлендириў системалары, илимий-изертлеў мәкемелериниң жумысында сезилерли сапа өзгерислери жүз бермекте.

    Әлбетте, барлық тараўлардағы реформа ҳәм өзгерислердиң нәтийжелилиги мектеп билимлендириўине, жаңа әўлад кадрларын жетистириў мәселесине барып тақалады. Сол себепли, оқытыўшы кәсибиниң абырайын ҳәм педагоглардың сапа қурамын арттырыў, педагог кадрлар таярлайтуғын жоқары билимлендириў мәкемелерин системалы раўажландырыў ҳәм оларда басқарыў жумысын жетилистириў, сондай-ақ, педагогика тараўында билимлендириў, илим ҳәм әмелияттың үйлесимлилигин тәмийинлеў бағдарында кейинги жылларда унамлы реформалар әмелге асырылды.

    Атап айтқанда, Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетинде билимлендириўдиң сапасын арттырыў, университет жумысына алдынғы билимлендириў бағдарламаларын енгизиў және заманагөй билим ҳәм педагогикалық технологияларды қолланыў көнликпелерине ийе болған жоқары маманлықтағы қәнигелер таярлаўдың нәтийжели системасын жолға қойыў мақсетинде Президентимиздиң 2022-жыл 11-майдағы "2022-2026-жылларда мектеп билимлендириўин раўажландырыў бойынша миллий бағдарламаны тастыйықлаў ҳаққында"ғы пәрманы, 2022-жыл 21-июньдағы "Педагогикалық билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм педагог кадрлар таярлайтуғын жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумысын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы және "Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетиниң жумысын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарлары қабыл етилди.

    Бул пәрман ҳәм қарарлар педагогларды таярлаў системасын заман талапларына сәйкес түрде трансформациялаўдың комплексли илажларын белгилеп берди.

    Сондай-ақ, билимлендириўдиң сапасын арттырыў, заманагөй талапларға жуўап бере алатуғын бәсекиге шыдамлы педагог кадрлар таярлаўды тәмийинлеў мақсетинде ҳәр бир педагогикалық жоқары оқыў орны ушын анық мәнзилли илажлар ҳәм мақсетли көрсеткишлер тастыйықланып, оқыў процесине студентлерде еркин билим алыў, системалы таллаў ҳәм дөретиўшилик пикирлеў көнликпелерин қәлиплестириўге қаратылған методикаларды енгизиў ўазыйпалары белгиленди.

    Тараўдағы реформалардың нәтийжелилиги бойынша өткерилип атырған мәжилис ҳәм презентацияларда педагогикалық жоқары оқыў орынлары менен мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи мәкемелери арасындағы избе-излик толық тәмийинленбей атырғаны атап өтилмекте.

    Бул болса қайсыдур мәнисте 2000-жыллардың басына келип педагог кадрларды таярлайтуғын жоқары билимлендириў мәкемелериниң кадрлар буйыртпашысы - халық билимлендириў системасынан өз алдына жумыс алып барыўы белгиленгени менен байланыслы, әлбетте.

    Ҳақыйқатында да, ҳәзирги күнде 31 мәмлекетлик, 40 мәмлекетлик емес ҳәм 5 сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелериниң филиалларында педагог кадрлар таярланып атырған болса, тек ғана Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети кадрлардың буйыртпашысы болған Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң қарамағында.

    Усы жерде университет Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң қарамағына өткен 2022-жылдан берли ерисилген жетискенликлерге қысқаша тоқтап өтпекшимен.

    Бириншиден, университеттиң оқыў ресурсларын жетилистириў ҳәм материаллық-техникалық базасын раўажландырыў арқалы педагогикалық билимлендириўдиң сапасын жақсылаў, университеттиң жумысын жетилистириў бойынша нәтийжели жумыслар орынланды.

    Университет 2023-жылдан QS Asia University Rankings рейтингинде Азияның ең жақсы 1000 университети рейтингине кирди, жылдан-жылға өз орнын жақсылап, 2025-жылы 678-орынға көтерилди. Дүнья бойынша жәми 1050 ден аслам ЖОО қатнасқан GreenMetric халықаралық агентлиги рейтингинде 353-орынды ийеледи.

    Университетте бюджеттен тысқары қаржы табыў бойынша жумыслар системалы шөлкемлестирилди. Усындай қаржылар есабынан 2022-жылдан баслап 5 факультет ушын пайдаланылмай турған оқыў имаратлары капитал оңлаўдан шығарылды, 2200 орынға ийе 3 оқыў имараты пайдаланыўға тапсырылды. 2022-жылы 200 орынлық ТТЖ имараты капитал оңланды, 2023-жылы 800 орынлық студентлер асханасы қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. 2024-жылы жаңадан 1500 орынлық ТТЖ имараты мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында қурып пайдаланыўға тапсырылды.

    Университет ушын Жаңа Ташкент қаласы аймағынан 40 гектар майданда 20 мың орынға ийе оқыў имаратлары, 5 мың орынға ийе жатақхана, инновациялық педагогикалық кластер жумысын жолға қойыў мақсетинде 300 орынға ийе бақша, 616 орынға ийе мектеп, 588 орынға ийе академиялық лицей, сондай-ақ, заманагөй спорт комплекси, мәденият сарайы, амфитеатр ҳәм басқа да объектлерди өз ишине алған кампус қурылысы белгиленди.

    Екиншиден, академиялық, шөлкемлестириўшилик басқарыў тараўлары түп-тийкарынан реформаланып, халықаралық талапларға муўапық трансформация етилди. 2023-жылдан баслап университетке мәмлекетимиз басшысының 2021-жыл 24-декабрьдеги "Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң академиялық ҳәм шөлкемлестириўшилик-басқарыў еркинлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарында белгиленген академиялық, шөлкемлестириўшилик ҳәм финанслық еркинлик берилди.

    2025-жылға келип болса университет басқарыў системасының ISO:21001 (Educational organizations — Management systems for educational organizations) талапларына муўапықлығы ҳаққында Словакияның “CERT INTERNATIONAL” халықаралық сертификатластырыў шөлкеминиң жуўмағы алынды ҳәм тийисли сертификатлар тапсырылды.

    Өзбекстанда усы күнге шекем тек ғана 4 жоқары оқыў орны - Ташкент мәмлекетлик стоматология институты, Самарқанд мәмлекетлик медицина университети, Ташкент химия халықаралық университети ҳәм Ташкент қаласындағы INHA университети ISO 9001:2015 халықаралық стандарт сертификатларына ийе еди.

    Үшиншиден, педагог кадрлар таярлаўдың мазмуны есапланған билимлендириў бағдарламаларын жетилистириў бағдарында үлкен реформалар исленди. Атап айтқанда, кадр буйыртпашылардың усыныслары есапқа алынып, түрлес жетекши сырт ел жоқары оқыў орынларының тәжирийбелери тийкарында оқыў режелери ҳәм бағдарламалары қайта көрип шығылды. Билимлендириў бағдарламаларын халықаралық стандартларға сәйкес түрлендириў жумыслары орынланды. Ўәкилликли халықаралық шөлкемлерди тартқан ҳалда бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери тәлим бағдарламалары аккредитацияға таярланды. Усы ҳәрекетлердиң нәтийжесинде, 2024-жылға келип Германияның билимлендириў бағдарламаларын халықаралық аккредитациядан өткериў агентлиги - ASIIN тәрепинен университеттиң 4 билимлендириў бағдарламасы халықаралық стандартларға сәйкес деп табылды. Енди дүньяның 64 мәмлекетинде усы бағдар питкериўшилериниң дипломлары тән алынады. Бул жумыслар жедел даўам еттирилмекте. 2025-жылы және 4 билимлендириў бағдарламасы халықаралық шөлкемлердиң экспертлери тәрепинен аудиттен өткерилмекте.

    Бул шөлкемнен ҳәзирги ўақытқа шекем республикамыздағы 2 жоқары билимлендириў мәкемеси - "Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты" миллий изертлеў университети ҳәм Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң билимлендириў бағдарламалары халықаралық аккредитациядан табыслы өтип, тийисли сертификат алынған. Университеттиң билимлендириў бағдарламалары елимизде үшинши болып усы халықаралық аккредитация шөлкеминиң сертификатын алды.

    Кадр тутыныўшылары менен тығыз бирге ислесиў жолға қойылды. 2022-жылдан баслап университетте билим алып атырған 2-4-басқыш студентлериниң әмелияты Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятының 53 мектепке шекемги, 534 мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес улыўма орта билимлендириў шөлкеминде "4+2" тәртибинде шөлкемлестирилмекте.

    Төртиншиден, университетте орынланып атырған илимий, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў арқалы олардың нәтийжелилигин арттырыў, университеттиң илимий потенциалын буннан былай да раўажландырыў бағдарында салмақлы жетискенликлерге ерисилди.

    Университетте илимий потенциал соңғы 3 жылда 38 проценттен 62 процентке артты. Илим докторларының саны 78 ге, илим кандидатларының саны болса 346 ға жетти. 13 қәнигелик бойынша илимий дәрежелер бериўши 4 илимий кеңес шөлкемлестирилди. 2021-жылы 78 диссертация қорғалған болса, педагогикалық билимлендириўдиң әҳмийетли машқалаларын шешиўге қаратылған илимий-изертлеў жумысларының көлемин кеңейтиў арқалы 2022-жылы 118, 2023-жылы 182, 2024-жылы 202 ҳәм 2025-жылдың өткен дәўиринде 98 диссертация табыслы қорғалды.

    Бесиншиден, университеттиң билимлендириў тараўларына сәйкес тийисли жетекши сырт ел илимий ҳәм билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиўи раўажланды. Сырт елли қәнигелер менен тығыз бирге ислесип, оларды билимлендириў процесине тартыў салмағы артты.

    Университетте қоспа бағдарламалардың саны 11 ди қурамақта. Соннан 2023-2024-жылларда Россияның дүньяның ТОП-1000 рейтингиндеги Қазан федерал университети менен биргеликте 2, Қазақстанның Қарағанда университети менен 2 қоспа бағдарлама жолға қойылды. 2024-жылы Германияның Ming Cheng институты менен биргеликте өзбек-немис инновациялық қоспа факультети ашылды.

    Дүньяның ТОП-1000 рейтингине киретуғын жоқары оқыў орынларынан 100 ден аслам халықаралық қәниге университет билимлендириў процесине тартылды.

    Жоқары педагогикалық билимлендириў тараўында ерисилген бул жетискенликлерге қарамастан, педагог кадрлар таярлаў системасында бирден-бир қатнас жоқлығы, педагог кадрлар таярлаў мазмунының мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бағдарламалары менен үзликсизлиги тәмийинленбегенлиги себепли системаны жетилистириў зәрүрлиги бар еди.

    Президентимиздиң 2025-жыл 28-апрельдеги "Педагог кадрлар таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы тараўда жыйналып қалған машқалаларды шешиў, республикамызда бирден-бир концептуаллық қатнас тийкарында 2030-жылға шекем педагог кадрлар таярлаў тараўында орынланыўы зәрүр болған ўазыйпаларды белгилеп берди.

    Пәрман менен Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети трансформацияланып, Низамий атындағы Өзбекстан миллий педагогикалық университети шөлкемлестирилди ҳәм университет республикада педагог кадрлар таярлаў бойынша жетекши жоқары оқыў орны етип белгиленди.

    Республикада педагог кадрлар таярлаў системасын бирден-бир қатнас тийкарында жаңа сапа басқышына алып шығыў мақсетинде мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң педагогикалық билимлендириўди раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымы енгизилип, бир ўақыттың өзинде Низамий атындағы Өзбекстан миллий педагогикалық университетиниң ректоры ўазыйпасын атқаратуғыны белгиленди.

    Университет басқарыў системасын "Жаңа Өзбекстан" университети тәжирийбеси тийкарында түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм бар 14 факультетти оптималластырыў арқалы 6 педагогикалық жоқары мектепти шөлкемлестириў белгиленди.

    Сырт елли қәнигелерди тартқан ҳалда университеттиң халықаралық билимлендириў бағдарламалары енгизилген билимлендириў бағдарларында сабақ бериў ушын профессор-оқытыўшыларды таңлап алыў системасы жолға қойылады.

    Университетке халықаралық билимлендириў бағдарламалары енгизилген бағдарлар ушын олардың талапларынан келип шығып студентлерди қабыл етиўде еркин түрде қосымша ҳәм өз алдына имтиханлар - сәўбет, тест, шығарма, кейс тапсырмалары ҳәм басқалар шөлкемлестириўге рухсат бериледи.

    2026/2027-оқыў жылынан баслап айрықша билимлендириў мүтәжлиги болған балаларға тәлим-тәрбия бериў системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде "Госпитал педагогика" магистратура қәнигелиги бойынша кадрлар таярлаў жолға қойылады.

    Университетте академиялық жумыс санластырылған басқарыў системасына (Learning Management system) өткериледи ҳәм "Жоқары билимлендириў процесслерин басқарыў" (HEMIS) мәлимлеме системасы менен интеграцияланады.

    Аймақлардағы 11 педагогикалық жоқары оқыў орны ҳәм Самарқанд мәмлекетлик университетиниң Каттақорған филиалы негизинде шөлкемлестирилген Каттақорған педагогикалық институты, Өзбекстан - Финляндия педагогикалық институты негизинде шөлкемлестирилген Самарқанд мәмлекетлик педагогикалық институты Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң қарамағына өткерилди.

    2026/2027-оқыў жылынан бул педагогикалық жоқары оқыў орынларында да басқарыў системасының жетилистирилетуғыны, халықаралық билимлендириў бағдарламалары басқышпа-басқыш енгизилип барылатуғыны белгиленди.

    Пәрманның қосымшалары менен педагог кадрлар таярлаў системасын раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламасы ҳәм педагогикалық билимлендириўди раўажландырыў бойынша республикалық кеңестиң жаңаланған қурамы тастыйықланды.

    Илажлар бағдарламасы 2025-2030-жылларда педагог кадрлар таярлаў системасын раўажландырыў бойынша 5 бағдардағы 22 бир пүтин ўазыйпаны өз ишине алған болып, әмелге асырыў механизмлери белгиленген.

    Сондай-ақ, 2025/2026-оқыў жылынан баслап педагог кадрлар таярлаў тек ғана күндизги ҳәм кешки билимлендириў түри бойынша шөлкемлестириледи, сыртқы билимлендириў түрине қабыллаў әмелге асырылмайды.

    Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен 2026/2027-оқыў жылынан баслап республикамызда жумыс алып барып атырған мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлеринде педагог кадрлар таярлаў сапасын таллаў мақсетинде студентлердиң билимин сыртқы диагностикалаў системасы енгизиледи. Онда диагностика нәтийжелерине бола педагог кадрлардың сапасы белгиленген талапларға жуўап бермейтуғын билимлендириў бағдарларында кадрлар таярлаўды шеклеў тәртиби Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.

    Қабыл етилген бул тарийхый пәрман педагог кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан реформалаў ҳәм бирден-бир концептуаллық қатнас тийкарында жоқары мағлыўматлы педагог кадрлар таярлаўға қаратылған болып, педагогика жоқары оқыў орынлары тәрепинен Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында белгиленген ўазыйпалардың толық орынланыўына, педагог кадрлар таярлаў системасының мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўында әмелге асырылып атырған реформаларға бейимлесиўине және жәмийетте педагогтың статусы артыўына хызмет етеди.


    Абдуғаффор ҚИРҒИЗБОЕВ,

    университет ректоры,

    тарийх илимлериниң докторы, профессор

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates