Бүгинги күнде пенсия тайынлаў ушын ең кем мийнет стажы:

еркеклер ушын - 25 жыл;

ҳаял-қызлар ушын - 20 жыл.

Егер стаж 7 жылдан асқан болса, бирақ белгиленген ең кем муғдарға жетпесе, пенсия тайынланады, бирақ оның муғдары ҳақыйқый стажға пропорционал есапланады.

Демек, пенсия төлемлерин тайынлаўда ҳәтте ярым исленген мийнет стажы да есапқа алынады.