Тез пәтли динамика
2026-жылдың I шерегинде Өзбекстан экономикасы 8,7 процентке өсип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 1,9 процентке жоқары болды. Ҳәзирги баҳалардағы жалпы ишки өним көлеми 447,9 триллион сумды ямаса 36,9 миллиард долларды қурады. Ерисилген өсиў пәтлери халықаралық шөлкемлердиң күтилгенинен де жоқары болды.
АРБ биринши шеректе 6,7 процентке өсиўди прогноз еткен еди. Жәҳән банки дәслеп алты процент берген болса, апрель айында оны 6,4 процентке шекем қайта көрип шықты. ХВФ да апрель айында өз болжаўын арттырды (6,2 ден 6,8 ге).
Қурылыс тараўы раўажланыўдың жетекши драйвери болып, жалпы қосымша қун 15 процентке өсти ҳәм 26,4 триллион сумға жетти. Хызметлер тараўы 8,8 процентке өсип, 240,1 триллион сумды қурады ҳәм экономиканың ең ири сегменти статусын сақлап қалды. Санаат сегиз процентке өсип, 124,9 триллион сум қосымша қун жаратты. Аўыл хожалығы 5,1 есеге артып, бул тармақта жалпы қосымша қун көлеми 36,2 триллион сумды қураған.
Санаатта болса шерек жуўмағы бойынша өндирис көлеми 289,3 триллион сумды қурап, прогноз параметрлери 2,44 триллион сумға арттырылды. Әҳмийетли өсиў нефтьти қайта ислеўде 129,5 процентке жетти. Ең жақсы нәтийжелерди жеңил санаат көрсетип, кийим-кеншек ҳәм тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў 15,3 процентке, трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў 26,9 процентке, пахта талшығын ислеп шығарыў 25,2 процентке өскен. Қурылыс материалларын ислеп шығарыў 14,4 процентке, цемент 15,7 процентке артты. Автомобиль қурылысында өндирис 12,5 процентке, соның ишинде, автобуслар 64,7 ҳәм жүк автомобильлери 46,6 процентке артты. Азық-аўқат санаатында өсим 8,7 процентти қураған.
Базар хызметлери тараўының көлеми 293,6 триллион сумға жетти. Ең ири бағдарлар саўда - 75,1 триллион сум, транспорт - 49,1 триллион сум, финанслық хызметлер - 46,8 триллион сум, байланыс ҳәм мәлимлемелестириў - 22,8 триллион сум. Ең жоқары өсиў пәтлерин билимлендириў - 22,5 процент ҳәм финанслық хызметлер - 22,4 процент көрсеткен. Аўыл хожалығында 5,1 процент, овощ жетистириў 29 процентке артып, ишки азық-аўқат базарында баҳалардың турақлылығына хызмет етти.
Аймақлар кесиминде санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми бойынша Наўайы, Ташкент ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласы жетекшилик еткен. Қурылыс тараўында ең жоқары өсиў Қарақалпақстан Республикасында - 176 процентке жетти.
Аймақларды раўажландырыўда бюджет сиясаты
Мәмлекетлик бюджет дәраматлары I шеректе турақлы өсип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 35 процентке көбейип, 103 триллион сумды қурады. Бюджетке 63,6 триллион сум салық түсип, күтилип атырған көрсеткиш 15 процентке, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 24 процентке артқан. Бажыхана түсимлери 19,4 триллион сумды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 20 процентке өскен.
Районлардың жергиликли бюджетлериниң ықтыярында 1,4 триллион сум ямаса 2025-жылдың усы дәўириндеги 346 миллиард сумға салыстырғанда дерлик 4,2 есеге көп қаржы қалды.
Инвестиция перспективалары
I шеректе тийкарғы капиталға ҳәм раўажланыў жойбарларына қаратылған инвестициялардың көлеми 12,85 миллиард долларды қурап, 41,5 процентке өскен. Тиккелей сырт ел инвестициялары 45,7 процентке өсип, 8,84 млрд.
Бир шеректе елимизде улыўма баҳасы 1 миллиард 185 миллион доллар болған 1508 жаңа жойбар иске қосылып, 28 мыңға шамалас жумыс орны жаратылған. Сырт ел инвестицияларының дереклери бойынша Қытай (6,4 млрд), Россия (1,1 млрд), Туркия (975 млн), БАӘ (824 млн) ҳәм Германия (342 млн) жетекшилик еткен.
2026-жылы халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел мәмлекетлик финанс шөлкемлериниң қатнасыўында 125 жойбарды әмелге асырыў ҳәм олардың шеңберинде 5,1 миллиард доллар қаржы тартыў режелестирилген. I шеректе бул дәреклер есабынан 947 миллион сырт ел кредити тартылып, прогноз 120 процентке орынланған.
Мәмлекетимиз басшысы бул мәжилисте шығып сөйлеп, жақын арада 2,4 миллиард долларлық мәмлекетлик активлердиң 30 проценти биринши мәрте халықаралық фонд базарларына жайластырылатуғынын айтты. Бул Миллий инвестиция қорының шөлкемлестирилиўи ҳәм 13 стратегиялық кәрхананы басқарыў абырайлы “Franklin Templeton” компаниясына өткерилиўи менен байланыслы.
Усы жылы жәми 53 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартыў мақсет етилген.
Экспорт потенциалы
I шеректе товарлар ҳәм хызметлердиң улыўма экспорты өсиўди көрсетип, 5,8 миллиард долларды қурады ҳәм 2025-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 26 процентке ямаса 1,2 миллиард долларға өсти. Бул, тийкарынан, жоқары қосымша қунлы өнимлер ҳәм шийки зат ресурсларын жеткерип бериўди кеңейтиў есабынан тәмийинленди. Экспорт көлеминиң өсиўи республикамыздың 147 район ҳәм қаласында тәмийинленди. Нәтийжеде экспорт етиўши кәрханалардың улыўма саны төрт мыңға жетти.
Қайта ислеў санаатында да унамлы өсиў бақланды. Атап айтқанда, тоқымашылық өнимлериниң экспорты 731 миллион долларға жетип, 110 миллионға (18 процент) көбейген. Қурылыс материаллары экспорты 304 млн.
География да кеңейип бармақта. Атап айтқанда, усы жылдың январь-март айларында 86 мәмлекетке, соның ишинде, АҚШ, Австрия, Беларус, Полша, Қубла Корея, Иран, Қазақстан ҳәм Аўғанстанға биринши мәрте 140 тан аслам товарлар бойынша бурын экспорт етилмеген 162 миллион долларлық товарлар жеткерип берилди.
Табыслар көп жағынан миллий қоллап-қуўатлаў системасына байланыслы. Атап айтқанда, Саўдаға көмеклесиў қорының қаржылары есабынан 405 экспортёрға 32,3 миллиард сумлық қаржылай жәрдем көрсетилип, олар 98,9 миллион долларлық өнимди экспорт еткен.
Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў
Киши ҳәм орта бизнести раўажландырыўды жедел қоллап-қуўатлаў даўам еттирилди. Быйыл буның ушын банклер арқалы 140 триллион сум қаратылмақта. I шеректе исбилерменлик субектлерине 35 триллион сумлық, соның ишинде, бизнести қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде сегиз триллион сумлық кредит ресурслары ажыратылды. 21 мың микро жойбар әмелге асырылып, 52 мың халықтың дәраматы өскен.
Мәжилисте мәмлекетлик уйымлардың ҳәкимшилигин оптималластырыў, бизнес ушын жаңа имканиятлар жаратыў мәселесине де тоқтап өтилди. Районлардағы орайлық ҳәм халық көп жыйналатуғын көшелердиң үлкен бөлеги мәмлекетлик уйымлар менен бәнт екенин есапқа алып, "Көкдала тәжирийбеси" тийкарында 19 район ҳәм қалада мәмлекетлик уйымларды бирден-бир ҳәкимшилик орайларға көшириў баслап жиберилген.
Бундай илажлардың республиканың барлық районларына енгизилиўи мәмлекетлик уйымларда жылына 1,8 миллиард киловатт-саат электр энергиясы ҳәм 340 миллион куб метр газди үнемлеў, бизнес ушын 5 миллион квадрат метр майданды босатыў имканиятын береди. Бес жыллық бағдарлама таярлап, усы жылдың өзинде 26 районда мәмлекетлик уйымларды бирден-бир орынға көшириў бойынша тапсырма берилди.
Социаллық сиясат
I шеректе 167 мың адам турақлы жумыс пенен тәмийинленди, 737 мың пуқараның қосымша дәрамат дәреклерин жаратыў ҳәм материаллық жағдайын жақсылаўға жәрдемлесилди. Рәсмий емес жумыс пенен бәнт болған 241 мың халықтың экономиканың нызамлы секторына алып шығылып, социаллық қорғаў, финанслық хызметлерден пайдаланыў ҳәм жумысқа жайласыўы ушын қосымша имканиятлар жаратылғаны айрықша әҳмийетке ийе болды.
Кем тәмийинленгенлерди қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, 86 мың жәрдемге мүтәж шаңараққа 105 мың түрдеги хызметлер (жумысқа орналасыў, оқыў, өз жумысын баслаў, дәраматын арттырыў) көрсетилген. "Мийнет сүйгиш ҳаял" бағдарламасы шеңберинде 26 мың ҳаял-қыз, "Турақлы келешек" бағдарламасы шеңберинде 58 мың жигит-қыз жумыс пенен тәмийинленди.
Социаллық-экономикалық қәўип-қәтерлер жоқары болған аймақларды жедел раўажландырыў мақсетинде таңлап алынған 37 қурамалы район ҳәм 903 қурамалы мәҳәллеге республика бюджетинен 3,6 триллион сум ажыратылды. "Жаңа Өзбекстан көринисиндеги район (қала)" статусын алған аймақларға да қосымша жәрдем көрсетилди. Сондай-ақ, 33 район ҳәм қала және 330 мәҳәллени раўажландырыў ушын 4 триллион сум қаратылды.
Бул бағдарда алып барылып атырған сиясат кәмбағаллықтың дәрежесин және де азайтыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўға хызмет етпекте, социаллық көрсеткишлер болса унамлы динамиканы көрсетпекте. Кәмбағаллық дәрежеси I шеректе 5 процентке түсип, жумыссызлық дәрежеси 4,7 процентти қураған болса, ярым жыллықта бул еки көрсеткиш 4,3 процентке шекем қысқарыўы мүмкин екенлиги болжанбақта.
Социаллық сиясатта социаллық инфраструктураны раўажландырыў ҳәм халықтың турмыс шараятларын жақсылаўға үлкен итибар қаратылмақта. Мәселен, биринши шеректе 89 км ишимлик суўы тармағы, 8,2 км ақаба суў тармағы ҳәм 40 км автомобиль жолы қурылған.
Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўындағы жойбарлар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районында 23,4 км ишимлик суў тармақлары қурылды. Нәтийжеде 12 мың халық биринши мәрте ишимлик суўы менен тәмийинленди, 19,1 мың халықтың ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланды, ишимлик суўы менен қамтып алыў дәрежеси 68,4 проценттен 90 процентке жеткерилди.
Күтилген нәтийжелер ҳәм перспективалар
2026-жылдың жуўмақларына бола, экономикалық раўажланыўдың жоқары пәтлери сақланып қалыўы күтилмекте. Жалпы ишки өнимниң реал өсиўи 8,3-8,7 процент, хызмет көрсетиўде 9,1, санаатта 8,7 ҳәм қурылыста 11,5 процент аралығында болжанбақта.
Соның менен бирге, Өзбекстан Президенти мәжилисте биринши шеректе ерисилген нәтийжелер фонында босасыўға жол қойыўға болмайтуғынын, глобаллық қарама-қарсылықлар күшейип баратырған ҳәзирги шараятта жәҳән экономикасы бурынғыдай тыныш болмайтуғынын атап өтти. Онда экономикалық өсиўди тәмийинлеў, инфляцияны жылаўлаў, жумыс орынларын жаратыў, экспортты көбейтиў, инвестициялардың сапасын арттырыў ҳәм исбилерменлердиң машқалаларын шешиў ҳәр бир басшы жумысының тийкарғы өлшеми болыўы керек.
* *
жуўмақ орнында, Өзбекстанның I шеректе ерискен шеклерин улыўма жәҳән экономикасы, атап айтқанда, айырым мәмлекетлер менен салыстырыў әҳмийетли.
ХВФ апрель айындағы прогнозында жәҳән экономикасының өсиўин январьдағы 3,3 проценттен апрель айында 3,1 процентке шекем төменлетти. Раўажланған мәмлекетлерде өсиў 1,5-1,6 процентти, раўажланып атырған мәмлекетлерде болса шама менен плюс төрт процентти қурайды. АҚШта болса 2,1 проценттен артпайды. Европа ең әззи регионға айланады (мәселен, Уллы Британия экономикасының көрсеткишлери 0,8 процентке шекем төменлейди).
ХВФ ең тез өсип атырған ири экономика деп Ҳиндстанды атап, оның өсиўи жети процентти қурайтуғынын билдирди.
Усы тийкарда Өзбекстан экономикасының өсиўи I шеректе 8,7 процентти қурап, салыстырмалы көрсеткишлерден жоқары болды. Бул динамика экономикалық жеделликтиң салыстырмалы жоқары пәтлери сақланып қалып атырғанынан дәрек береди ҳәм улыўма алғанда, бурын әмелге асырылған структуралық реформалар және макроэкономикалық сиясат бойынша көрилип атырған илажлардың нәтийжелерин сәўлелендиреди.
Хуршед Асадов,
Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы
Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы директорының орынбасары.