Ол бир неше жылдан берли саламат турмыс тәризине әмел етеди. Пияда жүриў, физикалық шынығыўларды орынлаў, велосипед айдаўға әдетленген. Нураныйдиң бул ҳәрекетлери бүгинги күнге келип мәҳәлледе ғалаба ен жайды. Олар ерте таңда физикалық ҳәрекетлер арқалы денелерин қыздырып, пияда жүреди, жуўырыў шынығыўларын орынлайды ҳәм велосипедте сейил етеди. Бүгинги күнде бул команда қатарында 120 дан аслам нуранийлер, 200 ден аслам жаслар ғалабалық спорт ҳәм велоспорт түрлери менен шуғылланып келмекте.
- Он төрт жылдан берли спорт-саламатландырыў шынығыўлары менен шуғылланып келемен, - дейди кексе спортшы Кәримжан Ҳакимов. - Пенсияға шығып, үйде бос отырған ўақытларымда қан басымым 200-220 көтерилип, жүдә көп емлендим, бирақ нәтийжеси жақсы болмады. Саламат турмыс тәризине әмел етип, спорт пенен шуғылланыўды әдет еткеннен соң, барлық аўырыўдан қутылдым. Қан басымым нормалласты, иштейим ашылды, артықша салмақтан қутылдым, жақсы уйықлаўға әдетлендим. Усы жасымда да велосипедте 150-200 километр жолды биймәлел басып өте аламан. Мәҳәллемизде “Workоut” майданшасы қурылды. Бул жер спорт ҳәм саламат турмыс тәризин үйренген нураныйлар, спортты сүйиўши жаслар менен бәрқүлла толы. Қала ҳәм аўыллар бойлап велосипедте сейил етип жүргенимизди көрген жаслар бизге ҳәўес етеди. Жәмәәтимиздиң ең кексе ағзасы быйыл 84 жасқа толды.
Велосипед минип, өз саламатлығын тиклеп, халық арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўда үлги болып атырған нураныйлардың қатары күннен-күнге кеңейип бармақта. Олар, бәринен бурын, өз шаңарағы, мәҳәллесиндеги нураныйлар, көплеген жасларға ибрат болмақта. Жаслар болса веломарафоншы аталардың изинен барып, оларға жолдас болыўға әдетленген.
Нураныйлар бүгинги күнге шекем елимиздиң сулыў дем алыў орынлары, тарийхый зыярат етиў орынлары бойлап саяхатларда болып қайтты. Өткен жылы Қарақалпақстан Республикасы бойлап саяхатлар шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, Қырғызстанның Ош, Жалалабад, Новкент, Қазақстанның Түркстан қалаларына велосипедте барды.
Машрабжан Мусаев та денсаўлығынан көп шағынатуғын еди. Ем табыў үмитинде ушыраспаған шыпакер, ишпеген дәриси қалмады. Нураный досларының усынысы менен велосипед айдаўға қызығып кетти ҳәм жыллар даўамында қыйнап киятырған барлық дәрттен қутылды.
- Напақа пулымның көпшилик бөлегин дәри-дәрмақ сатып алыўға жумсайтуғын едим, - дейди жетпис жаслы ғарры. - Үш жылдан берли саламат турмыс тәризине әмел етип, денсаўлығымда унамлы өзгерислер жүз берди. Ҳеш қандай шағымым жоқ, дәри-дәрмаққа мүтәж емеспен. Күнине 5 километр пияда жүриўге әдетлендим, 15-20 шақырым жолды велосипедте басып өтемен. Дем алыс күнлери мәҳәллемиздеги велосипедшилер топары менен 50-60 километр жол жүрип, саяхатларға барамыз. Гүз-қыс мәўсиминде спорт заллары, жүзиў бассейнлерине барыўды әдет еткенбиз. Улыўма алғанда, спорт денсаўлық, қалтаға да пайдалы екенин аңлап жеттик.
Саламат турмыс арқалы саламатлығын тиклеп, жәмийеттиң белсенди ағзасына айланған нураныйлардың және бири Исмоилжон Рўзибоев болады. Ол бел ҳәм аяқлары тез-тез аўыратуғынын айтып шағым етип келген. Шыпакер емлеўлерин алғаннан соң, кеселликти бир заман умытқандай болады, бираз ўақыттан соң бул жағдай және қайталанады. Пияда жүриў, физикалық шынығыў ҳәм велосипедте ҳәрекетлениўге әдетленгенинен берли кеселликти умытты.
- Бурын кексе жастағылардың спорт пенен шуғылланыўы ушын жетерли шараят ҳәм имканиятлар жоқ еди, - дейди Толқынжан Маматов. - Бос ўақытларымыздың көпшилигин шайханалар, дем алыў орынларында өткериўге әдетленип қалған едик. Енди илажы барынша спорт майданларына барыўға ҳәрекет етип атырмыз. Себеби шетки аўылларда да заманагөй спорт майданлары, велосипедте ҳәрекетлениў жоллары қурылып атырғаны бизлер ушын жақсы болды. Инсан өз денсаўлығына бийпәрўа болмай, оны сақлаў ушын умтылыўы, бар имканиятлардан дурыс пайдаланыўға үйрениўи керек. Буны өз өмирим, денсаўлығым мысалында түсинип жеттим.
Әтирапына өзине уқсас саламат турмыс тәризи тәрепдарларын жәмлеген Каримжан Ҳәкимовтың спортты үгит-нәсиятлаў жолындағы белсенди ҳәрекети босқа кетпеди. 2020-жылы "Спорт ветераны" медалы, 2021-жылы "Мийнет ветераны" 1-дәрежели көкирек белгиси, "Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы" естелик белгиси, 2023-жылы "Саламат турмыс" медалы менен сыйлықланды. Бул тән алыў жәмийетлик спортшыны ҳәр тәреплеме руўхландырды, жаңа басламаларға ийтермеледи. Ҳәзирги күнде велоспорт бағдарында мәҳәлле ҳаял-қызлар топарының жумысы да жолға қойылды.
Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги, ўәлаятлық спорт басқармасы нураный спортшыларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап келмекте. Оларды мәўсимлик спорт кийимлери менен тәмийинлеп, велосипед саяхатларын шөлкемлестириўге жәрдем береди.
Тийкарынан саламат турмыс жолындағы реформалар ҳәм ийгиликли басламалар елимизде саламат турмыс тәризине әмел етиў имканиятын бермекте. Солай екен, пияда жүриң, жуўырың ҳәм әлбетте, велосипед айдаўға әдетлениң. Бул сиз ҳәм бизди саламат турмыс тәризине жетеклейди.
Расулжон КАМОЛОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы