Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер қоршаған орталықты қорғаў, турақлы раўажланыў ҳәм заманагөй экологиялық қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў тараўында еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеў перспективаларын додалады. Экологиялық машқалалар глобал көриниске ийе болып, оларды нәтийжели шешиў, қоршаған орталықты ҳәзирги ҳәм келешек әўладлар ушын сақлап қалыў мақсетинде мәмлекетлердиң ҳәрекетлерин бирлестириўди талап ететуғыны атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи бойынша миллий комитети ҳәм Япония қоршаған орталықты қорғаў министрлиги арасында қоршаған орталықты қорғаў тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылды.
Ҳүжжет турақлы раўажланыў мақсетлери, миллий нызамшылық ҳәм халықаралық екологиялық келисимлерди есапқа алған ҳалда тең ҳуқықлылық ҳәм өз-ара пайда принциплери тийкарында бирге ислесиўди раўажландырыўды нәзерде тутады. Меморандумға бола, бирге ислесиў климат өзгериўине қарсы гүресиў, атмосфера ҳаўасының патасланыўын азайтыў, суў ресурсларының патасланыўының алдын алыў, шығындыларды басқарыў системасын жетилистириў сыяқлы бир қатар әҳмийетли бағдарларда әмелге асырылады.
Сондай-ақ, потенциалды арттырыў бойынша қоспа илажларды әмелге асырыў, соның ишинде, ушырасыўлар, конференциялар, симпозиумлар ҳәм семинарлар өткериў, еки мәмлекет қәнигелери ҳәм экспертлери арасында мәлимлеме алмасыў нәзерде тутылмақта.
Қол қойылған ҳүжжет экология тараўында Өзбекстан - Япония шериклигин және де кеңейтиў, қоршаған орталықтың жағдайын жақсылаўға қаратылған биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ушын тийкар жаратады.