Болажақ жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер күн тәртибинен Өзбекстан - Пакистан стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм кеңейтиў мәселелери орын алған.
Өз-ара товар алмасыў көлемин арттырыў, транспорт байланысын күшейтиў ҳәм транзит потенциалын жүзеге шығарыў, жеңил ҳәм былғары санааты, аўыл хожалығы, фармацевтика, электротехника ҳәм экономиканың басқа да тармақларында кооперация жойбарларын алға қойыў бағдарындағы биргеликтеги режелер дыққат орайында болады.
Мәдений-гуманитарлық ҳәм туризм байланысларын жеделлестириў мәселелери де көрип шығылады. Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылады.
Саммит жуўмағында Биргеликтеги декларация ҳәм бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи режелестирилген.
Сапардың исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде жетекшилер Өзбекстан-Пакистан биргеликтеги бизнес форумында да қатнасады.