Пакистан ҳәм Ҳиндстан шегарасындағы ҳаўа шеклеўлери себепли "Uzbekistan Airways" пәрўазларында мәжбүрий өзгерислер болады

    12 мамыр 2025 991

    "Uzbekistan Airways" Пакистан ҳәм Ҳиндстан шегарасындағы ҳаўа шеклеўлери себепли айырым рейслерде мәжбүрий өзгерислер болыўынан ескертти.

    Атап өтилиўинше, "Uzbekistan Airways" баспасөз хызмети Пакистан ҳәм Ҳиндстан шегарасы жанында ҳаўа аймағынан пайдаланыўға қойылған ўақтыншалық шеклеўлер мүнәсибети менен, пәрўазлар кестесиндеги мәжбүрий өзгерислер ҳаққында мағлыўмат берди.

    Бул өзгерислер Ташкент - Дели, Мумбай, Лаҳор, Бангкок, Куала-Лумпур, Пхукет ҳәм усы қалалар менен байланыслы қайтып келиў жөнелислерине тийисли.

    Мағлыўматларға бола, айырым жағдайларда ушыў ўақты орташа 1,5 саатқа ямаса оннан да көбирек артыўы мүмкин.

    Компания егер рейс бийкарланса, жолаўшыларға жақын сәнелерге қайта бронь етиў (жәриймасыз) ямаса авиабилет суммасын толық қайтарыў имканияты берилетуғынын мәлим етти.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates