Енди ишки авиарейслер ушын электрон ҳүжжетлер менен дизимнен өтиў мүмкин

    1 шілде 2025 1543

    Мағлыўматларға бола, ҳүжжетлердиң нусқасы, фотосүўрети, паспорт ямаса IDдың сканерленген варианты, жеке мағлыўматлар болған веб-сайт "скриншот"лары қабыл етилмейди.

    Атап өтилиўинше, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарына бола, 1-июльден баслап жолаўшылар жергиликли жөнелислердеги пәрўазларға шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлердиң электрон вариантынан пайдаланған ҳалда дизимнен өтиўи мүмкин болады.

    Усы тәртипке бола, аэропортта дизимнен өтиўден алдын жолаўшы my.gov.uz сайты/мобил қосымшасы ямаса "Социаллық карта" мобил қосымшасындағы жеке кабинетине кирип, жеке мағлыўматлар бетине өтеди ҳәм электрон тәризде шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди дизимнен өтиў орнындағы хызметкерге көрсетеди.

    Әмелдеги мағлыўматлар тек ғана my.gov.uz сайты, мобил қосымшасы ямаса "Социаллық карта" мобил қосымшасынан көрсетилгенде ғана шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжет сыпатында қабыл етиледи. Яғный, дизимнен өтиў ўақтында усындай ҳүжжетлердиң нусқалары, фотосүўретлери, паспорт ямаса IDдың сканерленген вариантлары ямаса жеке мағлыўматлар болған веб-сайт бетиниң "скриншот"лары қабыл етилмейди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates