Атап өтилиўинше, бул арқалы саатына 1 мың 200 жолаўшыға хызмет көрсетиў имканияты жаратылады. Жолаўшы ҳәм ҳаўа кемелерине сервис сапасын арттырыў арқалы жаңа халықаралық авиакомпаниялар тартылады.
Мағлыўматларға қарағанда, ҳәзирги күнде жумыс алып барып атырған Бухара халықаралық аэропорты халық ҳәм туристлердиң талабына жуўап бермей атыр. Бул аэропорт саатына 400 ямаса жылына 1 миллион жолаўшыға хызмет көрсете алады. Пәрўазларды басқарыў ҳәм жолаўшыларға хызмет көрсетиў системалары, күтиў-бақлаў заллары қатнаўларды көбейтиў имканиятын шеклемекте. Көпшилик туристлер Бухараға келиў ушын Ташкент, Самарқанд ямаса Үргенш аэропортларына қоныўға мәжбүр болмақта. Ўәлаятта мийманханалар тармағы, зыярат туризми раўажланып бармақта. Келеси үш жылда Бухараға туристлердиң ағымын 10 миллионға жеткериў режелестирилген.
Жаңадан қурылып атырған аэропортта жумысларды жеделлестириўге бағышланған илаж шөлкемлестирилди. Илажда ўәлаят ҳәкими Ботир Зарипов, республикалық уйымлардың жуўапкерлери, тараўға байланыслы жуўапкерлер, қурылыс-жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты. Батыр Зарипов жуўапкерлерге жумысшы-хызметкерлер ҳәм техникаларды көбейтиў бойынша тапсырма ҳәм көрсетпелер берди.