Ташкент халықаралық аэропортында күтип алыўшылар енди терминал ишине кириўи мүмкин

    11 маусым 2025 625

    Ташкент аэропортында ушып келиў залын реконструкциялаўдың биринши басқышы жуўмақланды.

    Атап өтилиўинше, Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында ушып келиў залының кең көлемли реконструкциясының биринши басқышы жуўмақланды ҳәм залдың жаңаланған оң бөлеги пайдаланыўға тапсырылды. Залдың улыўма майданы кеңейтилди, автотранспорт ҳәм автобуслар ушын жаңа жол қурылды, 120 орынлық автомобиль туратуғын орын шөлкемлестирилди ҳәм жасыл аймақ қурылды.

    Имараттың фасадының кеңейиўи ушыў залының майданын 2100 кв.м ға арттырыў имканиятын берди. Нәтийжеде бажыхана аймағы кеңейтилди, қосымша жүк карусели орнатылды, терминал ишинде күтип алыўшылар ушын биринши мәрте 120 орынлық аймақ шөлкемлестирилди.

    Күтип алыўшылар майданынан тысқары, қысқа мүддетли тоқтаў ушын залға тутас арнаўлы ажыратылған жол ашылды. Енди зал алдына таксиде де, жеке автомобиллерде ҳәм автобусларда да кириўи мүмкин - коридорда турыў ўақты жөнеп кетиў залындағы коридордай 10 минутты қурайды.

    Реконструкцияның екинши басқышын 2025-жылдың ақырына шекем жуўмақлаў режелестирилген. Оның даўамында қосымша жүк тасыў белбеўин орнатыў, кафе, дүканлар ҳәм басқа да хызметлер жайласқан күтип алыўшылар аймағын кеңейтиў нәзерде тутылған.

    Жуўмақлаўшы басқыш - келиў ҳәм жөнеп кетиў залларын бирден-бир терминал комплексине бирлестириў. Жумыслар жуўмақланғаннан соң, терминалдың улыўма майданы 10 000 кв.м дан асады, өткериў қәбилети болса саатына 2400 жолаўшыға жеткериледи.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates