Илаж Пакистан ҳәм Өзбекстан арасындағы туризм байланысларын беккемлеўде әҳмийетли қәдем болды ҳәм онда Панжоб ўәлаяты рәсмийлери, елшихана, туристлик компаниялар, ҒХҚ ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Мийманларға мәмлекетимиздиң бай мәденияты, тарийхый мийрасы ҳәм туристлик потенциалы ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.
Соның менен бирге, Ташкент ҳәм Лаҳор қалалары арасында тиккелей турақлы авиақатнаўлардың жолға қойылғаны ҳаққында мағлыўмат берилди.
Илаж даўамында Пакистан туристлик компаниялары ҳәм кең жәмийетшилик ушын Өзбекстанның туризм тараўындағы имканиятлары ҳаққында арнаўлы презентация өткерилди. Онда Өзбекстанның зыярат туризми, гастрономиялық, медициналық, MICE-туризм сыяқлы түрли бағдарлардағы үлкен потенциалы айрықша атап өтилди. Әсиресе, Самарқанд, Бухара, Хийўа, Шаҳрисабз ҳәм Қоқанд сыяқлы тарийхый қалалардағы естеликлер, миллий тағамлар ҳәм хызмет көрсетиўдиң жоқары сапасы мийманларда үлкен қызығыўшылық оятты.
Салтанатлы мәресимде Өзбекстан елшиси видеоконференция түринде қатнасып, өзиниң шығып сөйлеген сөзинде соңғы жыллары туризм тараўында әмелге асырылған системалы реформалар ҳаққында қатнасыўшыларға ҳәр тәреплеме мағлыўмат берди.
Илаж шеңберинде туризм тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша сөйлесиўлер болып өтти, деп хабар береди «Дунё» ХА.