Өзбекстан елшиси Саудия Арабстаны мийрасхорына исеним жарлығын тапсырды

    Өзбекстанның Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Нодиржон Турғунов 30-сентябрь күни Саудия Арабстанының мийрасхоры ҳәм Бас министри Муҳаммад бин Салмон бин Абдулазиз Ол Саудқа исеним жарлығын тапсырды.

    Мийрасхор Патша Салмон бин Абдулазиз Ол Саудтың атынан 37 сырт мәмлекеттиң 2023-2024-жылларға тайынланған елшилеринен исеним жарлықларын қабыл етти, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

    Қысқа сәўбетте Мийрасхор мәмлекетимиз басшысы ҳәм өзиниң атынан Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевқа қызғын тилеклерин ҳәм сәлемин жеткериўди сорады.

    Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны арасында дипломатиялық қатнасықлар 1992-жыл 20-февральда орнатылған.

    Еслетип өтемиз, Нодиржон Турғунов 2024-жыл март айында Өзбекстанның Саудия Арабстанындағы елшиси сыпатында Ар-Риядқа келген еди. Ол 2024-жыл ноябрь айында Өзбекстанның Ислам бирге ислесиў шөлкеми жанындағы турақлы ўәкили сыпатында аккредитациядан өткерилген еди.

    Сондай-ақ, ол 2025-жыл апрель айында мәмлекетимиздиң биринши елшиси сыпатында Бахрейн Сыртқы ислер министрлигине ҳәм 2-июнь күни Иорданиядағы елши сыпатында Патша Абдулла II ибн ал-Ҳусайнға исеним жарлықларының нусқаларын тапсырды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates