Сенаттың Баслығы Танзила Нарбаева Венгрия Миллий Ассамблеясының Баслығы менен ушырасты

    Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева басшылығындағы делегация Венгрия Миллий Ассамблеясының Баслығы Ласло Кёвер менен ушырасыў өткерди.

    Тәреплер өз-ара дослыққа тийкарланған қатнасықлар беккемленип атырғаны, Венгрияның 2021-жылы Өзбекстанның Европа Аўқамындағы биринши стратегиялық шериги сыпатында тән алынғаны жоқары дәрежедеги сиясий сөйлесиўлердиң нәтийжеси екенин атап өтти.

    Ушырасыўда соңғы жылларда Өзбекстан ҳәм Венгрия арасындағы саўда көлеми турақлы артып атырғаны, биргеликтеги инвестициялық жойбарлар ҳәм санаат кооперациясы избе-из кеңейип атырғаны атап өтилди.

    Мәдений-гуманитарлық бағдардағы жедел алмасыўларға айрықша итибар қаратылды.

    Парламентлераралық бирге ислесиў мәселелери де көрип шығылды. Конституциялық реформалар, парламентлик қадағалаўдың күшейтилгени, нызамшылықтағы унамлы өзгерислер ҳаққында мағлыўмат берилди. Тәреплер дослық топарларының жумысын жеделлестириў, парламентлер аппараты хызметкерлери ушын қысқа мүддетли стажировкалар шөлкемлестириў мәселелерин додалады.

    Нызамшылық процесин санластырыў ҳәм электрон парламент системасын раўажландырыў, илим, билимлендириў, суў ресурсларын басқарыў, аўыл хожалығы ҳәм энергетика тараўларында бирге ислесиўди беккемлеў, парламент жумысы бойынша илимий изертлеўлер өткериў ҳәм мәлимлеме алмасыўды жолға қойыў мәселелери бойынша пикир алысылды.

    Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан ҳәм Венгрия парламентлери арасындағы бирге ислесиўди және де беккемлеўге қаратылған әҳмийетли ҳүжжетке қол қойылды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates