Сапар шеңберинде Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева Халықаралық мийнет шөлкеминиң (ХМШ) Өзбекстандағы жаңа үлкен координаторы Юрий Штерк пенен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиўде Өзбекстанда мийнет қатнасықларын жетилистириў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, социаллық қорғаўды күшейтиў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға жоқары баҳа берилди.

Юрий Штерк Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында елимиз ерисип атырған жетискенликлерди айрықша атап өтти. Ол жақында кәсиплик аўқамлары белсендилери менен болып өткен ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы белгилеп берген ўазыйпалар ХМШ ушын да әҳмийетли екенин атап өтип, оларды әмелге асырыўда белсене бирге ислесиўге таяр екенин билдирди.

Тәреплер мүнәсип мийнет стандартларын енгизиў, қабыл етилген нызамлардың орынланыўы, сондай-ақ, жаңа басламаларды әмелге асырыў мәселелерин додалады.

2026-2030-жылларға мөлшерленген "Мәмлекетлик мүнәсип мийнет бағдарламасы" жойбарының таярланыўы да айрықша көрип шығылды. Оны Ташкент қаласында ХМШ экспертлериниң қатнасыўында додалаў мийнет ҳуқықлары ҳәм социаллық турақлылықты беккемлеў жолында әҳмийетли қәдем болатуғыны атап өтилди.