Сын көзқарас руўхында өткен мәжилисте иске қосылмаған имканиятлар, жол қойылған кемшиликлер көрсетип өтилди.
Бүгинги күнде "мәҳәлле жетилиги" ағзаларының жумыс нәтийжелилигин баҳалаў бойынша анық өлшемлер жоқ екенлиги, тийкарғы ўазыйпа - жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша олардың жуўапкершилигин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. "Жетилик"тиң жумысы тиккелей халықтың бәнтлиги ҳәм дәраматларының өсиўинде өз көринисин табыўы, бул бағдардағы жумыслар мәнзилли ҳәм нәтийжеге бағдарланған болыўы керек екенлиги атап өтилди.
Президентимиз мәҳәллелердеги машқалалар ҳәм олардың "өсиў ноқатлары"н анықлаў, пуқаралардың мүрәжатларын тиккелей орынларда шешиўге айрықша итибар қаратқан ҳалда, системалы илажлар ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бойынша тапсырмалар берди.
Ең машқалалы мәҳәллелердеги жумыслар көрип шығылды. Бундай аймақларға айрықша итибар қаратып, инфраструктура, электр энергиясы, интернеттен пайдаланыў, қыйтақ жерлерден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў ўазыйпасы қойылды.
Усы жылдың ақырына шекем кәмбағаллық дәрежеси жыл басындағы 8,9 проценттен 6 процентке азайыўы күтилип атырғаны атап өтилди. Келеси жылы бул көрсеткишти 4,5 процентке түсириў мақсет етип қойылды.
Бул мақсетлерге ерисиў ушын мәҳәллелерде жумысларды комплексли шөлкемлестириў, турақлы бәнтликке қаратылған хызметлердиң қамтып алыўын кеңейтиў, дәрамат дәреклерин жаратыў, халықты кәсип-өнерге оқытыў ҳәм исбилерменликке тартыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Ҳәр бир кем тәмийинленген шаңарақтың реал имканияты ҳәм талабынан келип шығып, индивидуал бағдарламаларды қәлиплестириў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.
Жойбар көзқарасы шеңберинде "Бәнтлик уйымларының жумыс бериўшилер менен бирге ислесиўи", "Тең имканиятлар - инклюзив бәнтлик", "Турақлы келешек ушын", "20 жергиликли бренд", "Бир контур - бир өним", "Мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў", "Ижара ҳәм қыйтақ жерлерди суўғарыўды жақсылаў", "Ески бағларды жаңалаў", "1 мың гектар мийўели бағлар", "Экспорт кооперациялары" ҳәм басқа да бағдарламалар арқалы кем тәмийинленген 1 миллион пуқараны қамтып алыў белгиленген.
Мәҳәллелерде киши ҳәм орта жойбарларды әмелге асырыў арқалы кәмбағаллықты ҳәм жумыссызлықты азайтыў, соның ишинде, шегара ҳәм анклав аймақларда инфраструктураны раўажландырыў, күни-түни жумыс ислейтуғын көшелер, туристлик мәҳәллелер, санаат микроорайларын шөлкемлестириў, жағалық ҳәм жол инфраструктурасын раўажландырыў илажлары көрсетип өтилди.
2025-жылға мөлшерленген бәнтлик бағдарламасының орынланыўы, 2026-жылға мөлшерленген режениң қәлиплестирилиўи, рәсмий емес бәнтликти қысқартыў мәселелери де көрип шығылды.
Президентимиз жуўапкер структураларға орынлардағы ўазыйпалардың мәнзилли шешилиўин тәмийинлеў, халықтың реал талапларын есапқа алған ҳалда әмелий жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша белгиленген ўазыйпаларды орынлаўда жоқары жуўапкершиликке ерисиў бойынша тапсырмалар берди.










