Онда мәмлекетлик уйымлар, халықаралық шөлкемлер, илимий институтлар ҳәм экспертлер жәмийетшилигиниң ўәкиллери қатнасты.
Илажда Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети баслығының орынбасары Жусипбек Казбеков, Россия Федерациясы Сыртқы ислер министрлигиниң ўәкиллери, БМШ Қоршаған орталық бағдарламасының (UNEP) экосистемалар департаменти директоры Сьюзан Гарднер, Москва мәмлекетлик университети ҳәм Россия Илимлер академиясының География институтының жетекши қәнигелери шығып сөйледи.
Илаж Россия Федерациясы тәрепинен қаржыландырылып атырған UNEP регионаллық жойбарының тийкарғы нәтийжеси - Өзбекстан Республикасының экологиялық өзгерислер атласының миллий басланыўына бағышланды. Жойбар қоршаған орталықтың жағдайын мониторинг етиў, сондай-ақ, қурғақлықтағы ҳәм суў экосистемаларындағы өзгерислерди моделлестириў ушын заманагөй ГАТ-технологияларынан пайдаланыў бойынша Орайлық Азия мәмлекетлериниң потенциалын раўажландырыўға қаратылған.
Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети баслығының орынбасары Жусипбек Казбеков өзиниң шығып сөйлеген сөзинде экологиялық өзгерислер атласының иске қосылыўы экологиялық мағлыўматлардың ашық-айдынлығын арттырыў ҳәм миллий мониторинг системасын беккемлеўде әҳмийетли қәдем екенин атап өтти.
"Эко-Атлас жер ҳәм суў ресурслары, биологиялық көп түрлилик, климат өзгериўи ҳәм қоршаған орталықтың басқа да тийкарғы компонентлери ҳаққындағы кең көлемли, илимий тийкарланған мағлыўматларды бирлестиреди. Ол узақ мүддетли тенденциялар, өзгерис факторлары ҳәм машқала орайлары ҳаққында анық түсиник береди, бул болса сиясат ҳәм миллий стратегияларды ислеп шығыўда шешиўши әҳмийетке ийе мәлимлеме болып есапланады", - деп атап өтти Ж.Казбеков.
Сессия даўамында қатнасыўшыларға жойбардың тийкарғы нәтийжелери, оны әмелге асырыўдың әҳмийетли басқышлары, Өзбекстанның жетекши экспертлери, Россия Илимлер академиясы География институты ҳәм Москва мәмлекетлик университети тәрепинен топланған илимий материаллар таныстырылды. Атлас қарарлар қабыл етиў, турақлы экологиялық шешимлерди ислеп шығыў, экологиялық мониторинг ҳәм тәбийғый ресурсларды баҳалаў қуралы сыпатындағы әҳмийетине айрықша итибар қаратылды.
Илаж қатнасыўшылардың сораўларына жуўмақлаўшы жуўаплар бериў, мәмлекетлик структуралар ҳәм илимий мәкемелердиң әмелий жумысында Атлас мағлыўматларын қолланыў имканиятларын додалаў менен жуўмақланды.








