Аймақтағы өзгерислер "ҳаўа дәрўазасы"нан-ақ көзге тасланады. Мәмлекетимизде транспорт системасын раўажландырыў бағдарындағы жумыслар шеңберинде Әндижан халықаралық аэропорты да модернизацияланбақта.
Сапар ўақтында мәмлекетимиз басшысына бул ҳаққында мәлимлеме берилди.
Бул аэропорт 1978-жылы қурылған болып, ҳәзирги талапларға жуўап бермей қалған еди. Ушыў-қоныў жолының жүк көтериў қәбилети төменлиги, заманагөй жақтыландырыў системасының жоқлығы себепли қатнаўларды қабыл етиў имканиятлары шекленген еди.
Бүгинги күнде реконструкция жумысларының биринши басқышы жуўмақланды. Узынлығы 3 мың 300 метр, кеңлиги 60 метр болған жаңа ушыў-қоныў жолы, жүриў жолы ҳәм самолётлар туратуғын орын қурылды. Дренаж системасы жаңаланып, жер асты суўы қашырылды. Сондай-ақ, бул жерде екинши жүриў жолының қурылысы даўам еттирилип, IKAО CАТ-II категориясындағы радар, метеорология ҳәм жақтыландырыў үскенелерин орнатыў жумыслары алып барылмақта.
Нәтийжеде Boeing, Airbus маркалы үлкен самолётларды да, қолайсыз ҳаўа-райы шараяты ҳәм түнги ўақытларда да қабыл етиў мүмкин болады. Бул күнлик пәрўазлар санын 10 есеге шекем арттырыў имканиятын береди.
Енди, екинши басқышта жолаўшы терминалын жаңадан қурыў нәзерде тутылған. Бул арқалы жолаўшыларға хызмет көрсетиў қуўатлылығы саатына бурынғы 300 ден 1000 ға, пәрўазлар саны жылына 584 тен 3 мың 700 ге артады. Бул Әндижан қаласы ҳәм Ферғана ойпатлығына қатнаўлардың санын көбейтиўге хызмет етеди.
Жумысын қайта тиклеген бул аэропортта ҳәзирги ўақытта Ташкент - Әндижан - Ташкент жөнелиси бойынша пәрўазлар әмелге асырылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы бул жерде нәтийжели басқарыўды жолға қойыў, хызметлерди арзан етип, жергиликли ҳәм халықаралық пәрўазларды көбейтиў бойынша көрсетпелер берди.
Улыўма, мәмлекетимизде аэропортларды модернизациялаў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Өткен жыллары Самарқанд, Термиз, Үргенш, Шаҳрисабз, Мойнақ, Қоқанд ҳәм Замин аэропортлары жаңаланды. Және бир қатар ўәлаятларда модернизация процесслери даўам етпекте.