Ушырасыў ўақтында делегация ағзалары Финляндия Президентине Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң қызғын сәлемин жеткерди.
Тәреплер мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм өз-ара ҳүрметке тийкарланған бирге ислесиў еки тәреплеме күн тәртибиндеги барлық бағдарларда жедел раўажланып атырғанын атап өтти.
Өзбекстан ҳәм Финляндияның сыртқы сиясат уйымлары жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў, мәмлекетлер арасындағы шериклик ҳәм өз-ара түсинисиўди беккемлеў ушын барлық имканиятлардан пайдаланады.